USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ХАЛҚЫНА НАЎРЫЗ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Әзиз ўатанласлар!

Ҳүрметли ата ҳәм апалар, гөззал апа-қарындаслар, қәдирли аға-инилер!

Халқымыздың келешеги, исеними ҳәм сүйениши болған нәўқыран жаслар!

Бәринен бурын, бәршеңизди, көп миллетли пүткил халқымызды жанажан Өзбекстанымызға кирип келген Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, жоқары иззет-ҳүрметимди, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Ҳүрметли дослар!

Ҳәммемиз жақсы билемиз, Наўрыз тынышлықты, денсаўлықты қәдирлеп, қәстерлеп сақлап жасаўға шақырады.

Тынышлық ҳәм денсаўлықты сақласақ, қалған нәрселерге әлбетте ерисемиз. Бирақ ҳәзирги глобаллық дүнья да бул оғада қурамалы ўазыйпа болып қалып атырғанын ҳәммемиз көрип-билип турмыз.

«Жыл жылға уқсамайды», деген сөз бийкарға айтылмаған. Турмыс ҳеш қашан бир тегис өтпейди. Өмир бар екен, сынақ бар, қыйыншылық бар.

Бул ҳақыйқатты усы күнлерде және де терең сезбектемиз. Бүгин коронавирус инфекциясы деген айрықша бир қәўипке дус келдик. Мәмлекетимиз, ҳүкиметимиз бул қәўип-қәтерди жедел түрде сапластырыў ушын барлық зәрүр илажларды көрмекте.

Гөззал үлкемизде жасап атырған, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, барлық ўатанласларымыз және де бирлесип, ҳәр тәреплеме тәртип-қағыйданы сақлаған ҳалда, жоқары сана-сезим ҳәм жуўапкершиликти көрсетип, ҳүрметли кекселеримиздиң дуўа-пәтиялары менен бул сынақтан аман-есен өтемиз, деп исенемен.

Жүзеге келген қыйын шараятты есапқа алып, быйылғы Наўрыз байрамында ғалабалық илажларды өткериўди тоқтаттық.

Пурсаттан пайдаланып, жағдайды дурыс түсинип, көрилип атырған илажларды қоллап-қуўатлап атырғаны ушын халқымызға және бир мәрте рахмет айтаман.

Несип етсе, тез арада бул тәшиўишли күнлер артта қалады. Бундай сейил-тамашаларды, той-салтанатларды елимиз бенен биргеликте еле көп-көп өткеремиз.

Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласларым!

Бар қыйыншылық ҳәм сынақларға қарамастан, өмир даўам етеди. Быйыл Наўрыз байрамы үйлерде, шаңарақларда кеңнен белгиленбекте.

Бүгин мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиз жақсы нийет пенен жерге туқым шашпақта. Аймақ ҳәм регионларымызда «Терек егип, бағ жаратамыз, елимизди және де абат етемиз», деген ийгиликли мақсетте миллионлап нәллер егилмекте.

Мине усы қуўанышлы күнде ҳәммемиз жылымыз қутлы келсин, дийқанларымыздың бахтын, әўметин берсин, зүрәәтимиз мол болсын, деп нийет етемиз.

Алыс-жақындағы мәмлекетлердиң халықларын, Өзбекстанның барлық сырт елли дос ҳәм шериклерин шығысқа тән жаңа жыл – Наўрыз байрамы менен қутлықлап, оларға жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласларым!

Илайым, кеўлимиздеги барлық жақсы нийетлеримиз әмелге ассын!

Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын!

Жаратқанның өзи ҳәммемизди өз панайында сақласын!

Наўрыз байрамы бәршемизге мүбәрек болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

ӨзА