USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 25 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ТҮРКИЯНЫҢ «РЕНЕССАНС ХОЛДИНГ» КОМПАНИЯСЫНЫҢ ДЕЛЕГАЦИЯСЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-март күни Түркияның жетекши инжиниринг ҳәм қурылыс компаниясы – «Ренессанс Холдинг» президенти Эрман Илижак басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Бул ушырасыў өткен айда Анкарада өткерилген жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Түркия сөйлесиўлериниң логикалық даўамы болды.

Бүгинги күнде «Ренессанс Холдинг» компаниясы мәмлекетимизде улыўма баҳасы 2 миллиард доллардан аслам болған ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнаспақта.

Атап айтқанда, Ташкент ўәлаятының жетекши металлургия кәрханалары негизинде заманагөй объектлер – жойбарлаў қуўатлылығы жылына 60 миллион тонна болған мыс байытыў фабрикасы ҳәм қуўатлылығы 1 миллион тоннаға шекемги металл прокатын ислеп шығарыў комплексин қурыў жойбарлары таярланбақта.

Ушырасыўда усы жойбарлар шеңбериндеги әмелий жумысларды жеделлестириў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, Түркия компаниясының дәслепки басқышта Ташкент қаласында, кейинги басқышларда Самарқанд ҳәм Ферғана қалаларында алдынғы халықаралық тәжирийбе ҳәм технологияларды тартқан ҳалда көп тармақлы емлеўханалар шөлкемлестириў бағдарындағы жойбарлық усыныслардың презентациясы өткерилди.

Бул жойбарлар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылады, сондай-ақ, түркиялы бирге ислесиўшилер емлеўханаларды басқарыў ҳәм жоқары маман медицина қәнигелерин таярлаўда қатнасады.

Буннан тысқары, әҳмийетли социаллық объектлерди реконструкциялаўда, инжиниринг, жойбарлаў ҳәм қурылыс тараўларында бирге ислесиў имканиятлары көрип шығылды.

 

ӨзА