Бүгинги күнде пуқаралардың ҳуқықый билимлерин арттырыў, жынаят ислеўге алып келетуғын факторларды сапластырыў, мәмлекетлик, жәмийетлик шөлкемлер, мәҳәлле, тәлим-тәрбия мәкемелери менен өз-ара беккем байланысларды орнатыў, системалы жумысларды шөлкемлестириў әҳмийетли ўазыйпаға айланды.

Усылардан келип шығып орынларда кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бас басқармасы ҳәм оның төменги системасында да белгиленген илажлар тийкарында жумыслар шөлкемлестирилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январь күни Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатынан келип шығып, ишки ислер уйымларын халықшыл структураға айландырыў ушын системада реформаларды даўам еттириўди тәмийинлеў мақсетинде Ишки ислер министри, генерал-лейтенант Пўлат Бобожоновтың басшылығындағы жумысшы топар Қарақалпақстан Республикасында өз жумысын даўам еттирмекте.

Ҳуқықбузарлықлар бас басқамрасының баслығы Бахтиёр Бердалиев профилактика инспекторларының жумысын үйренбекте. Соның менен бир қатарда халықтың машқалалары, тараўға байланыслы шешимин күтип атырған мәселелерди шешиўде әмелий жәрдем, ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықлардың ерте алдын алыў, системаға байланыслы жаңалықлар бойынша усыныс ҳәм көрсетпелер бермекте.

Өткерилип атырған үйрениўлер, көрсетилип атырған жәрдем алдағы ўақытлары жумысларды және де жақсылаў, ҳүкиметимиз тәрепинен тараў хызметкерлериниң алдына қойылған ўазыйпаларды булжытпай орынлаўы ушын хызмет етеди.

 

ӨзА