Бизге белгили, 2019-жыл 22-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасына, халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатлығына сайлаў болып өтти. Бул әҳмийетли сиясий илаж мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте қабыл етилген Сайлаў кодекси тийкарында, «Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар» сүрени астында өтти.

Сайлаў нәтийжелерине бола, Орайлық сайлаў комиссиясы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 150 депутат ҳәм Сенаттың 97 ағзасын дизимге алды, соның ишинде, Президенттиң 2020-жыл  17-январьдағы пәрманы менен Сенат ағзаларының  13и сайланды. Солай етип, мәмлекетимиз нызам шығарыўшы ҳәкимиятының жаңа қурамы қәлиплести.

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске гезектеги Мүрәжаты әне усы жаңа парламентке усынылмақта.

Бул абырайлы әнжуман Халықаралық конгресс орайында болып өтпекте. Онда Олий Мажлис Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, видеоконференция байланыс системасы арқалы район, қала ҳәм ўәлаятлардағы жергиликли  Кеңеслерге сайланған халық ўәкиллери, сондай-ақ, атқарыўшы ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў уйымларының басшылары, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнаспақта.

 

ӨзА