Өзбекстан Республикасының Германиядағы елшиханасының басламасы менен усы мәмлекеттиң ири клиникалары ҳәм медициналық техникалар ислеп шығаратуғын компаниялары менен биргеликте Нөкис қаласындағы У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайы жанында «Германия-Өзбекстан медициналық мәсләҳәт ҳәм диагностика орайы» ашылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев, Германияның «OPASCA» компаниясының директоры, техника илимлериниң докторы А.Свердлов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды орайдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен елимизде Денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, медициналық хызмет көрсетиўдиң заманагөй системасын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

«Германия-Өзбекстан медициналық мәсләҳәт ҳәм диагностика орайы» ушын Германияның «Heinemann Medizintechnik», «Greiner» сыяқлы компаниялары тәрепинен ислеп шығарылған қулақ, аўыз, мурын кеселликлерин емлеўде қолланылатуғын, сондай-ақ, хирургиялық әмелиятларды орынлаўда пайдаланылатуғын зәрүрли медициналық үскенелер жеткерип берилди. Соның менен бирге, Германияның KfW банкиниң кредити тийкарында ең заманагөй MRT аппараты алынды ҳәм немис клиникаларының шыпакерлери менен телемедицина тийкарында консультациялар өткериў ушын арнаўлы хана үскенеленди. Келешекте Өзбекстанның Германиядағы елшиханасы орайды турақлы қоллап-қуўатлаўды, оның жумысын жетилистириўге жәрдемлесиў ушын тийисли илажларды әмелге асырыўды,   немис компаниялары менен бирге ислесиўди және де кеңейтиўди, биргеликте телемедицинаны кеңнен қолланыўды, жас қәнигелердиң  Германияда тәжирийбе топлап қайтыўына имканиятлар жаратыўды режелестирген. Атап айтқанда, 2020-жыл даўамында Германиядан медициналық үскенелер ҳәм буйымлар жеткерип бериледи. Берлин, Росток, Маннхайм, Минден, Фрайбург сыяқлы клиникалардағы жоқары тәжирийбели шыпакерлердиң бул жерге сапары шөлкемлестириледи. Телемедицина арқалы немис қәнигелери менен биргеликте аўыр наўқасларды емлеў бойынша мәсләҳәтлесиўлерди әмелге асырыў жолға қойылады.

– Республикамызда инновациялық жаңа технологиялардан пайдаланыў, медицина тараўындағы халықаралық қатнасықларды беккемлеў мақсетинде  У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының мәсләҳәт поликлиникасы жанында заманагөй диагностика орайы ашылды. Буннан мақсет бүгинги күндеги медицинамызды немис медицинасы дәрежесине жеткериў, немис медицинасының алдыңғы жетискенликлеринен халқымыздың пайдаланыўына имканият жаратыў болып, бул ушын усы мәмлекеттеги ең ири клиникалар менен бирге ислеспектемиз, – дейди У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының бас шыпакери, медицина илимлериниң докторы О.Ирисов. -Бүгинги күнде орайымызда еки немис қәнигеси жумыс ислеп атырған болса, келеси жылдың январь, март айларында және қәнигелер келип, жергиликли шыпакерлер менен биргеликте жумыс алып барады. Усы жылы Росток университети Хирургия клиникасының бөлим баслығы, доктор Р.Ортер орайда болып, төрт күн даўамында жергиликли кәсиплеслери менен бирге  6 хирургиялық әмелиятты әмелге асырды ҳәм 15 тен аслам наўқасқа медициналық консультациялар берди.

– Орайға орнатылған лор комбайн диагностикалық аппаратының қолайлы тәреплери микроскоп өзине орналастырылған болып, тамақ-мурын жолларындағы айырым кеселликлерди анықлаўды аңсатластырады. Аппарат жақтылықты жеткерип беретуғын, тазалайтуғын үскенелерге ийе болып, монитор жәрдеминде барлығын бақлап барыўға болады, – дейди орайдың лор бөлими шыпакери З.Қайыпбергенова. – Орайымыздағы жаңа аппаратлар кеселликлерди ерте анықлап, олардың асқынлап кетиўиниң алдын алыўда биз шыпакерлерге үлкен жәрдемши болады.

Усы күни Германияның «Минден» клиникасының қан-тамыр операциясы бөлиминиң бас шыпакери, доктор А.Асади Ташкент педиатрия медицина институты  Нөкис филиалының студентлери ушын мастер-класс өткерип, жүрек-қан тамыры кеселликлери бойынша қыйын операцияларды ислеў бағдарындағы тәжирийбелери менен ортақласты.

Германия мәмлекетиниң «Лёррах» емлеўханасының анестезиология бөлиминиң баслығы, доктор В.Хайндл «Интубациялаўдағы машқалалар ҳәм қыйыншылықлар» атамасында презентация өткерди ҳәм Германия медицинасының бүгинги күндеги жетискенликлери және тараўда ушырасып атырған машқалалар ҳаққында баянат жасады.

– Медицина тараўында топлаған он бес жыллық тәжирийбемниң арқасында ғана Қарақалпақстанға келип, жергиликли кәсиплеслерим менен бирге ислесиў бахтына мияссар болып атырман. Бул елде тек ғана бир неше күннен берли болыўыма қарамастан, операция иследим, халыққа медициналық мәсләҳәтлер бердим, – дейди доктор Арслан Асади. – Бүгинги күнде Өзбекстанның медицинасы раўажланған, шыпакерлериниң қолы гүл, шебер маманлар, деп айта аламан. Бирақ, заманагөй аппаратлардың жетиспеўшилиги оларға қыйыншылық туўдырып атыр екен. Германия Республикасы олардың бул бағдардағы машқалаларын сапластырыў жолында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўды мақсет еткен.

Германиялы шыпакерлер республикамызда бир ҳәптеден бир айға шекемги мүддетте мийман болып, жергиликли кәсиплеслери менен биргеликте наўқасларды  тексереди, диагноз қойып, емлейди.

Илаж қатнасыўшылары емлеў орнында жаратылған шараятлар менен танысты.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.