Нызамшылыққа муўапық, жас өспиримлер денсаўлықты сақлаў бағдарында төмендеги ҳуқықларға ийе, деп жазады «Ҳуқуқий ахборот» телеграмм каналы.

-белгиленетуғын тәртипте диспансерлик қадағалаўда болыў және балалар ҳәм жас өспирмлердиң емлеў-профилактика мәкемелеринде емлениў;

-санитариялық-гигиена билимин алыў, оқыў және өзлериниң физиологиялық өзгешеликлерине ҳәм денсаўлығына сәйкес келетуғын шараятларда мийнет етиў;

-мийнетке жарамлылығын анықлаў ўақтында бюджет қаржылары есабынан бийпул медициналық мәсләҳәтлер алыў;

-денсаўлығы ҳаққында өзлери ушын қолайлы түрде зәрүр мәлимлеме алыў.

14 жастан өткен жас өспиримлер мағлыўматларды билген ҳалда медициналық араласыўға ықтыярлы түрде келисим бериў ямаса оннан бас тартыў ҳуқықына ийе.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги