Нызамшылық палатасы тәрепинен 2019-жыл 18-февральда қабыл етилген
Сенат тәрепинен 2019-жыл 28-февральда мақулланған
1-статья. Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси тастыйықлансын.
2-статья. Төмендегилер өз күшин жойытқан деп табылсын:
1) Өзбекстан Республикасының 1991-жыл 18-ноябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы 414-ХII-санлы Нызамы (Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң Хабарнамасы, 1992-жыл, № 1, 34-статья);
2) Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң 1991-жыл 18-ноябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы 415-ХII-санлы Қарары (Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң Хабарнамасы, 1992-жыл, № 1, 35-статья);
3) Өзбекстан Республикасының 1993-жыл 28-декабрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққында»ғы 990- ХII-санлы Нызамы (Өзбекстан Республикасының 2003-жыл 29-августта қабыл етилген 518 – ХII -санлы Нызамының редакциясында) (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 2003-жыл, № 9-10, 132-статья);
4) Өзбекстан Республикасы Олий Кеңгашиниң 1993-жыл 28-декабрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын әмелге киргизиў ҳаққында» ғы 991 – ХII -санлы Қарары (Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң Хабарнамасы, 1994-жыл, № 1, 7-статья);
5) Өзбекстан Республикасының 1994-жыл 5-майда қабыл етилген «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы 1050- ХII-санлы Нызамы (Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң Хабарнамасы, 1994-жыл, № 5, 125-статья);
6) Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң 1994-жыл 5-майда қабыл етилген «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын әмелге киргизиў ҳаққында»ғы 1050а- ХII-санлы Қарары (Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң Хабарнамасы, 1994-жыл, № 5, 126-статья);
7) Өзбекстан Республикасының 1994-жыл 5-майда қабыл етилген «Пуқаралардың сайлаў ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы 1051- ХII-санлы Нызамы (Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң Хабарнамасы, 1994-жыл, № 5, 127-статья);
8) Өзбекстан Республикасының 1997-жыл 26-декабрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 549 – I-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 1998-жыл № 3, 38-статья) II, Х ҳәм ХI бөлимлери;
9) Өзбекстан Республикасының 1998-жыл 30-апрельде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳаққында»ғы 613- 8-санлы Нызамы (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 1998-жыл № 5-6, 95-статья);
10) Өзбекстан Республикасының 1998-жыл 26-декабрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 729 – I-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 1999-жыл № 1, 20-статья) VII, ҳәм ХVIII бөлимлери;
11) Өзбекстан Республикасының 1999-жыл 19-августта қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы 809 – I-санлы Нызамы (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 1999-жыл № 9, 206-статья);
12) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 1999-жыл 19-августта қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын әмелге киргизиў ҳаққында»ғы 810 – I-санлы Қарары (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 1999-жыл № 9, 207-статья);
13) Өзбекстан Республикасының 2000-жыл 26-майда қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 82 – 88-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 2000-жыл № 5-6, 153-статья) I, IХ, ХIII, ҳәм ХХVII бөлимлери;
14) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 2003-жыл 29-августта қабыл етилген «Жаңа редакциядағы «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын әмелге киргизиў ҳаққында»ғы 519 – II-санлы Қарары (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 2003-жыл № 9-10, 133-статья);
15) Өзбекстан Республикасының 2003-жыл 29-августта қабыл етилген «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 520 – II-санлы Нызамы (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 2003-жыл № 9-10, 134-статья);
16) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 2003-жыл 29-августта қабыл етилген «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын әмелге киргизиў ҳаққында»ғы 521 – II-санлы Қарары (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 2003-жыл № 9-10, 135-статья);
17) Өзбекстан Республикасының 2004-жыл 27-августта қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 671 – II-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 2004-жыл № 9, 171-статья) IV, V ҳәм ХIII бөлимлери;
18) Өзбекстан Республикасының 2004-жыл 3-декабрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққында»ғы 714 – II-санлы Нызамы (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 2005-жыл № 1, 18-статья) I бөлиминиң 5, 21, 27 ҳәм 28-бәнтлери;
19) Өзбекстан Республикасының 2008-жыл 25-декабрьде қабыл етилген «Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң жетилистириўи мүнәсибети менен Өзбекстан Респуубликасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳақққында»ғы ӨРН-194-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 2008-жыл, № 12, 637-статья) 2,3,6 ҳәм 11 –статьялары;
20) Өзбекстан Республикасының 2011-жыл 12-декабрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Конституциясының 90-статьясына дүзетиў киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының ӨРН-306-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 2011-жыл, № 12/1, 344-статья) 1-статьяcы;
21) Өзбекстан Республикасының 2012-жыл 19-декабрьде қабыл етилген «Сайлаў еркинлигиниң буннан былай да тәмийинлениўи ҳәм сайлаў нызамшылығының және де раўажландырылыўы мүнәсибети менен «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққында»ғы және «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-340-санлы Нызамы (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 2012-жыл, № 12, 331-статья);
22) Өзбекстан Республикасының 2014-жыл 20-январьда қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-365-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 2014-жыл, № 1,2-статья) 5-статьяcы;
23) Өзбекстан Республикасының 2014-жыл 4-сентябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-373-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 2014-жыл, № 9, 244-статья) 19-статьяcы;
24) Өзбекстан Республикасының 2015-жыл 29-декабрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-396-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 2015-жыл, № 12, 452-статья) 1,4,5 ҳәм 7-статьялары;
25) Өзбекстан Республикасының 2017-жыл 29-августта қабыл етилген «Ташкент қалалық халық депутатлары районлық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы ӨРН-439-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 2017-жыл, № 8, 383-статья) 3-статьясы;
26) Өзбекстан Республикасының 2018-жыл 18-апрельде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-476-санлы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 2018-жыл, № 4, 224-статья) 10,11 ҳәм 32-статьялары;
3-статья. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
ҳүкиметлик қарарларды Кодекске муўапықластырсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары Кодекске қарама-қарсы болған өзлериниң нормативлик-ҳуқықый жүжжетлерин қайта көрип шығыўды ҳәм бийкарлаўын тәмийинлесин.
4-статья. Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте Кодекстиң орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин және мазмуны ҳәм әҳмийети халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.
5-статья. Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Өзбекстан Республикасының
Президенти Ш.Мирзиёев
Ташкент қаласы,
2019-жыл 25-июнь
№ ӨРН-544