«Тәбият ҳәм адамлар» қорының климат бойынша эксперти Алексей Кокоринниң айтыўынша, 2024-жыл алдынғы рекордларды жаңалап, Жер ушын метеобақлаўлар тарийхындағы ең ыссы жыл болыўы мүмкин.
Қәниге буны инсан жумысы себепли атмосферада артықша ыссылық пайда болыўы ҳәм 2023-жылдың май-июнь айларынан ҳәрекетке түскен Эл-Ниньо тәбият ҳәдийсеси менен тәрийпленеди, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Ҳәзирги ўақытқа келип, метеобақлаўлар тарийхыдағы ең ыссы жыл 2023-жыл болып есапланады.Сол жылы Эл-Ниньо тәсири жети айдан көбирек сезилген еди, деди Кокорин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги