Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы
Өзбекстан Республикасы Конституциясының кирисиўинде Конституция инсан ҳуқықларына садықлықты жәриялап, демократияға болған исенимди сәўлелендирип, халықаралық ҳүқықтың улыўма тән алынған қағыйдаларының үстинлигин тән алған ҳалда, инсаный демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўды гөзлеп қабыл етилгени көрсетилген.
Усы жыл 22-декабрьде болып өтетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасына ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына болып өтетуғын сайлаў Ўатанымыздың жаңа тарийхында оғада әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыя болып есапланады. Өйткени, мәмлекетимиздиң келешеги, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың жеделлиги ҳәм даўамлылығы, ишки ҳәм сыртқы сиясатымыз сайлаўшылар қабыл ететуғын қарарға байланыслы.
Өзбекстанды раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында әмелге асырылып атырған реформалар үзликсиз, басқышпа-басқыш ҳәм избе-из, эволюциялық түрде даўам етпекте. Ең баслысы Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген реформалардың бағдарлары өз-ара үзликсиз байланыслы болып, бир-бирин толықтырыўды талап етеди. Мәселен, сайлаў еркинлигин тәмийинлемей турып мәмлекет ҳәм жәмийеттиң қурылысын демократияластырыўды көз алдымызға келтирип болмайды. Я болмаса, сайлаўшылардың ҳуқықларының суд тәрепинен қорғалыўын тәмийинлемей турып, демократиялық сайлаў системасын жаратып болмайды.
Мәмлекетимизде демократия ҳәм инсан ҳуқықларын, атап айтқанда, сайлаўға байланыслы ҳуқықларды тәмийинлеўде халықаралық стандартлар әҳмийетли дәрек болып хызмет етди.
Сайлаўға байланыслы халықаралық стандартлар Бирлескен миллетлер шөлкеми (БМШ), Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ), Парламентлераралық аўқам, Ғәрезсиз мәмлекетлер ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ҒМДА) сыяқлы структуралардың ҳүжжетлеринде өз сәўлелениўин тапқан.
Сайлаўға байланыслы әҳмийетли қағыйдалар Инсан ҳуқықлары пүткил жер жүзилик декларациясында (1948 жыл), Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пактте (1966 жыл), Расалық кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққындағы халықаралық конвенцияда, Расалық кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққында БМШ декларациясында, Еркин ҳәм әдил сайлаў принциплери ҳаққындағы декларациясында, ЕҚБШның Инсаныйлық нормалары бойынша Копенгаген ҳүжжети, ҒМДАға қатнасыўшы мәмлекетлерде демократиялық сайлаўлар, сайлаўға байланыслы ҳуқықлар ҳәм еркинликлердиң стандартлары ҳаққындағы Конвенцияда беккемлеп қойылған.
Атап өтиў керек, өткен жыллар даўамында миллий сайлаў нызамшылығымыз усы халықаралық сайлаў стандартларына муўапық раўажланбақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2018-жыл 6-ноябрьдеги ПҚ-4004-санлы Қарарында сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў, сондай-ақ, пуқаралардың конституциялық сайлаў ҳуқықларының әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша улыўма тән алынған халықаралық принциплер ҳәм стандартларды есапқа алған ҳалда сайлаў системасының нызамшылығын басқышпа-басқыш либералластырыў Өзбекстан Республикасы сайлаў системасын буннан былай да жетилистириў ең тийкарғы бағдарларынан бириншиси етип белгиленген.
Атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексин қабыл етиўден гөзленген мақсетлердиң бири де әйне заманагөй халықаралық сайлаў стандартларын есапқа алған халда сайлаў системасының ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириў еди.
Жоқарыдағы Қарарға тийкарланып, Орайлық сайлаў комиссиясы қурамында Сайлаў нызамшылығы ҳәм заманагөй технологиялар бойынша оқыў орайы шөлкемлестирилген болып, миллий сайлаў нызамшылығының улыўма тән алынған ҳалықаралық принциплери ҳәм стандартларына муўапық екенлигин системалы түрде мониторинг етип барыў усы орайдың тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленген.
Еркин ҳәм әдил сайлаўлар нормалары ҳаққындағы Декларацияның 4-бәнтинде турақлы ҳақықый еркин ҳәм әдил сайлаўларды өткериў ушын халықаралық ҳуқықый миннетлемелерге муўапық түрде мәмлекетлердиң ҳуқықларын кепиллеўди тәмийинлеў мақсетинде нызамларды қабыл етиў ҳәм басқа да илажларды көриў керек екенлиги белгиленген. Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи де мәмлекетимизди әне усы талапты булжытпай избе-излик пенен орынлағанынан дәрек береди.
Халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлерде сайлаўға байланыслы стандартлар, ең тийкарғы принцип ҳәм қағыйдалар сыпатында улыўмалық, тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы, жасырын даўыс бериў жолы менен сайлаў, еркин ҳәм әдил, ҳақыйқый сайлаў өткериў ҳәм усы сыяқлылар белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Конституциясында мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе екенлиги, ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе екенлиги, даўыс бериў ҳуқықы, өз қәлеўин билдириў теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепилленетуғыны белгилеп қойылған.
Тийкарғы нызамымызға муўапық сайлаўлар ҳуқықый, тең ҳәм тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында даўыс бериў жолы менен өткериледи. Өзбекстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 4-статьясына тийкарланып пуқаралардың жынысы, расалық ҳәм миллий тийислилиги, тили, динге болған мүнәсибети, социаллық келип шығыўы, исеними, жеке ҳәм жәмийетлик дәрежеси, мағлыўматы, жумысының түри ҳәм өзгешелигине қарамастан, теңдей сайлаў ҳуқықына ийе.
Конституциямыздың 117-статьясына кирген өзгерислерге ҳәм Сайлаў кодексимизге тийкарланып ендигидей былай социаллық қәўпи үлкен болмаған, жүдә аўыр болмаған жынаятты ислегени ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахсларға сайлаўда қатнасыў яғный сайлаў ҳуқықы берилди. Бул болса, еркинен айырыў орынларында сайлаў участкаларының дүзилиўи мүмкинлигин Кодекстиң 10, 27-статьяларында беккемлеў имканиятын береди. Булардың барлығы болса улыўмалық сайлаў ҳуқықының және де кеңирек тәмийинленгенинен, халықаралық стандартлар талапларының имплементацияланғанынан дәрек береди.
Сайлаў кодексинде «бир сайлаўшы – бир даўыс» принципин әмелге асырыўды тәмийинлейтуғын Өзбекстан Республикасы сайлаўшыларының бирден-бир электрон дизимине байланыслы қағыйдалар белгиленди.
Халықаралық стандартлар мәмлекетлердиң миллий нызам шығарыўшы уйымның хеш болмағанда бир палатасындағы барлық мандатлар улыўмахалықлық сайлаў процесинде талабанлардың еркин бәсекиге кирисиўиниң объекти болатуғынына жол қойыўы керек екенлиги белгиленген. Усы мәнисте Сайлаў кодексимиздеги ең үлкен жаңалықлардан бири бул – сиясий майдан толық сиясий партияларға берилиўинде, Экологиялық ҳәрекетке қойылған квотаның шығарып тасланғанында көзге тасланады. Ендигиден былай сиясий партиялар Нызамшылық палатасына болып өтетуғын сайлаўда 135 емес, ал толық 150 сайлаў округинде талабанларын көрсетиў ҳуқықына ийе болады, бул болса миллий нызам шығарыўшы уйымның бир палатасындағы барлық мандатлардың улыўма халықлық сайлаў процесинде талабанлардың еркин бәсекиге кирисетуғын объекти болыўын тәмийинлейди.
Халықаралық стандарларда ҳәр бир қатнасыўшы – мәмлекетлер ҳаял-қызларға ер адамлар менен бирдей шараятларда ҳеш қандай кемситиўлерсиз сайлаўларда даўыс бериўи ҳуқықын ҳәм ашық-айдын сайланатуғын уйымларға сайланыў ҳуқықын тәмийинлеў керек екенлигине байланыслы талаплар белгиленген.
Конституциямыздың 46-статьясына муўапық ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар тең ҳуқықлы есапланады. Буннан тысқары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен 2019-жыл 2-сентярьде «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятлардың кепилликлери ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Усы нызамның 4-бабы өз алдына «Сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыўда ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятлардың кепилликлери» не бағышланған. Оған бола ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаў ҳәм сайланыўда тең ҳуқықларға ийе. Сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанларды көрсетиўде ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятлар тәмийинленеди.
Мәмлекетимизде өткен барлық сайлаўларда ҳаял-қызлардың ҳуқықлары тәмийинленгенин усы мәселе бойынша бир рет те судларға шағым келип түспегенинен де билип алыўға болады.
Егер бурынлары нызамларда тек ғана Орайлық сайлаў комиссиясына байланыслы жумысының ҳуқықый тийкарлары, бийғәрезлик, ашықлық принциплери, жумысына араласпаў сыяқлылар атап өтилген болса, ендигиден былай Сайлаў кодексинде барлық сайлаў комиссиялары ҳәм олардың ағзалары өз жумысын ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлардан, жәмийетлик бирлеспелерден ҳәм лаўазымлы шахслардан бийғәрез түрде әмелге асыратуғыны белгилеп қойылды.
Алдынлары мәҳәлледен бақлаўшылар тек ғана халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслери сайлаўында ғана қатнасыўы нәзерде тутылған еди. Буннан былай Сайлаў кодексине муўапық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан бақлаўшылар барлық сайлаўларда қатнасыўы мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул сайлаўлар үстинен пуқаралық қадағалаўды, ашық-айдынлықты тәмийинлеўге, сайлаў процесине жәмийетшиликтиң исениминиң артыўына тийкар болып хызмет етеди.
Жоқарыда атап өтилген пикирлердиң барлығы миллий сайлаў нызамшылығымыздың тийкарғы халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлердеги улыўма тән алынған сайлаў принциплери ҳәм стандартларының талапларына муўапық келетуғынынан, пуқаралардың мәмлекеттиң ўәкилликли уйымларына сайлаў ҳәм сайланыўына байланыслы конституциялық ҳуқықларының әмелге асырылыўы ушын беккем кепилликлердиң белгилеп қойылғанынан дәрек береди.
Нилуфар Саид-Газиева
Өзбекстан Республикасы
Конституциялық судының үлкен эксперти,
юридика илимлериниң докторы
Қарақалпақстан хабар агентлиги