Сайлаў – 2019
Өзбекстанда «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы» басланды
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген юрист Мырза Улуғбек Абдусаломов пенен сәўбет.
Демократия руўхы
– Мырза Улуғбек Элчиевич, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен усы жылдың 20-октябринен 20-ноябрине шекем мәмлекетимизде «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығын» шөлкемлестириўге байланыслы қарар қабыл етилди. Журналистлер усы ҳүжжет сайлаўларға таярлықтың жаңа басқышын баслап бергенин атап өтпекте. Дәслеп, усы ҳаққында сөз етсеңиз.
– Мазмуны бойынша алып қарағанда, мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары депутатлығына сайлаўлар – бир күнде өтетуғын сиясий илаж. Бирақ әдетте оған айлап, ҳәттеки, жыллап таярлық көриледи. Себеби, сайлаўлар жақын ҳәм узақ келешек ушын белгилеп берилетуғын стратегиялық раўажланыўдың бағдарламалық ўазыйпаларын әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Усы жылдың 22-декабрь күни болып өтетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлығына сайлаўларға таярлық жумыслары мәмлекетимиз басшысының басламасы менен буннан еки жыл алдын басланған еди.
Президентимиз тәрепинен қол қойылған ҳәм 2019-жылдың 25-июнинен әмелиятқа енгизилген Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси миллий нызамшылығымыздың тарийхында үлкен ўақыя болды.
Быйылғы сайлаўларда ең әҳмийетли жаңалық, әлбетте, сайлаўлардың биринши рет Сайлаў кодекси тийкарында өткерилетуғыны менен байланыслы.
Кодекстен сайлаўларды улыўма тән алынған халықаралық стандартлар ҳәм принциплер тийкарында демократиялық, ашық-айдын өткериўге хызмет ететуғын отыздан аслам жаңа норма ҳәм қағыйдалар орын алып, алдын ҳәрекетте болған көплеген шеклеўлер шығарып тасланды.
Сайлаў нызамшылығы мәмлекетимиздиң көп жыллық миллий сайлаў тәжирийбеси, сондай-ақ, улыўма тән алынған халықаралық стандартлар ҳәм раўажланған сырт мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесине муўапық раўажланбақта. Бул бағдарда ерисилген жетискенликлеримизди тек ғана миллий экспертлер емес, ал халықаралық қәнигелер де кеңнен тән алмақта.
Сәўбетимизди сайлаўларға таярлықтан баслағанымның себеби сонда, «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығын» өткериўге байланыслы қарар миллий сайлаў нызамшылығымыздағы мине усындай әҳмийетли өзгерислерди, бәринен бурын, сайлаў шөлкемлерине үйретиў, жәмийетшилик арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған избе-из жумыслардың ажыралмас даўамы болып есапланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының бул қарары мәмлекетимиздеги тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтлары менен биргеликте ислеп шығылып, қабыл етилгенин атап өтиў орынлы. Енди оның орынланыўын тәмийинлеўге де басқа және көплеген бирге ислесиўшилеримиз бенен биргеликте киристик.
Ўаз айтыў өтмиште қалды
– Сыр емес, орынлардағы айырым сайлаў комиссиялары ағзалары қәнигелигиниң төмен екенлиги орынлы наразылықларға себеп болады. Мәмлекетимиздиң бас сайлаў уйымы тәрепинен бундай машқалаларды шешиў бойынша қандай илажлар көрилмекте?
– Мине усындай наразылықлардан бас тартпаған ҳалда, бир гәпти айрықша атап өтиўди қәлер едим: мәмлекетимиздиң сайлаў нызамшылығы миллий ҳуқықый системадағы ең нәтийжели ҳәм избе-из раўажланып атырған бағдарлардан бири болып есапланады. Оны оқыў-үйрениў – даўамлы процесс.
Орайлық сайлаў комиссиясының әҳмийетли ўазыйпаларынан бири – Сайлаў кодексиниң 14-статьясында атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында бул Нызамның орынланыўын қадағалаў, оның бир түрде қолланыўын, сайлаў комиссияларының жумысын методикалық жақтан тәмийинлеўди әмелге асырыўдан ибарат.
Бундай уллы мақсетке, дәслеп, сайлаў шөлкемлерин системалы оқытыў, үйретиў ҳәм олардың көнликпелерин арттырыў, сайлаў нызамшылығын халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы ерисиў мүмкин.
Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи мүнәсибети менен Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, халық депутатлары, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўларға таярлық көриў бойынша тийкарғы илажлардың бағдарламасы қабыл етилди. Бағдарламада белгиленген кең көлемли ўазыйпалардың орынланыўына болса ҳәр қашанғыдан ерте – июнь айынан-ақ кирисилди.
Барлық дәрежедеги сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанлардың сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар, сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге байланыслы билим және көнликпелерин арттырыўға қаратылған семинар-тренинглер әдеттегиден үш ай бурын – 3-августтан басланды.
Бурынлары бундай илажлар сайлаў кампаниясы жәриялағаннан кейин – кеш гүз айларында басланып, оқыўлар көбинесе пүткил район ямаса ўәлаяттағы барлық дәрежедеги сайлаў комиссияларының басшылары, ағзалары, яғный 300 – 400 адам бир саўлатлы залға жыйналып, оларға еки-үш саат узыннан-узақ ҳәм ўаз оқыўдан ғана ибарат болатуғын еди. Себеби – ўақыт тығыз, финанслық имканиятлар маман қәнигелер менен экспертлерди оқытыў процесине кеңнен тартыў имканиятын бермейтуғын еди.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен енди стратегиялық мақсетлеримиз ашық-айдын белгилеп берилди. Яғный демократиялық ҳәм адамгершиликли мәмлекет қурыў, еркин пуқаралық жәмийетти раўажландырыў, Ўатанымыздың экономикалық потенциалын және де арттырыў, нәтийжеде халқымызды турмысынан разы етиў, оның және де абат жасаўы ушын барлық шараятты жаратыўдан ибарат.
Ғәрезсиз мәмлекетимиз өз раўажланыўының гезектеги раўажланыў басқышына қарай нық қәдем таслады. Ендиги сайлаўлар да мине усы дәўир руўхында, тәртип-қағыйдалар тийкарында өткерилиўи ушын барлық шараят жаратылмақта.
Сол себепли Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Өзбекстан Миллий университети, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети, басқа да жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери, Әдиллик, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрликлери ҳәм тараўдың басқа да билимлендириў, илимий, әмелий, изертлеў мәкемелериниң илимпазлары, экспертлери және әмелиятшылары менен биргеликте семинар-тренинглердиң бағдарламалары ислеп шығылды.
Онда дәстүрий баянатшылықтан ўаз кешилип, тийкарғы итибар әмелий көнликпелерди арттырыўға қаратылмақта. Оқыўларда интерактив усыллар баслы орын ийелеп, заманагөй педагогикалық, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан нәтийжели пайдаланыў, аудиториядағы тыңлаўшылардың санын болса 20 дан арттырмаў белгилеп қойылды.
Көлеми – кең, нәтийжеси – жоқары
– Бундай шараят ҳәмме жерде бир қыйлы жаратылғанба ямаса тек ғана ири қалаларда ма?
– Семинар-тренинглер пайтахт Ташкентте шөлкемлестиреле ме ямаса барыў қыйын болған узақ районда ма, оған қарамастан, оқыўлар сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелияты бойынша қәнигели экспертлер, илимпазлар ҳәм тәжирийбели әмелиятшылар тәрепинен өткерилмекте. Оқыў жуўмақланғаннан кейин, семинар-тренинглердиң тынлаўшыларына Орайлық сайлаў комиссиясының арнаўлы сертификаты бериледи, бундай ҳүжжет сайлаў белсендилериниң келешектеги жумысында да қолайлы болыўы, сөзсиз.
Оқытыўдың жоқарыдан төменге қарай кеңейип, жетилисип баратуғын көп басқышлы бундай усылы өз нәтийжелерин бермекте. Жуўмағына жеткен еки басқышта сайлаў комиссияларының 51 мыңға шамалас баслық, баслық орынбасары ҳәм хаткерлигине талабанлар үш күнлик курсларда оқытылды. Усы күнлерде семинар-тренинглердиң гезектеги басқышы даўам етпекте. Оқыўларға 30 мыңнан көбирек сайлаў комиссияларының ағзалары тартылған. Барлық дәрежедеги сайлаў комиссияларының ағзалары еки күнлик семинар-тренинглерде өз билим ҳәм көнликпесин арттырып атыр. Сайлаў күнине шекем жәми 180 мыңға шамалас адамлар системалы тәризде оқытылады.
Бундай кең көлемдеги оқытыў – семинар-тренинглер мәмлекетимиз миллий сайлаўлар тарийхында биринши мәрте жолға қойылды.
Гезек – сайлаўшыларға
– Демек, енди гезек – сайлаўшыларға, олардың ҳуқықый-сиясий билимин және де арттырыўға?
– Әлбетте, усындай ийгиликли нийет пенен «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығын» өткериўге кирисилди. Сайлаў – пуқаралардың жәмийет ҳәм мәмлекет жумысларын басқарыўдағы қатнасыўының тийкарғы формасы, олардың өз сиясий ҳуқықларын әмелге асырыўы, ерк-ықрарын еркин сәўлелендириўин тәмийинлеўге хызмет ететуғын әҳмийетли сиясий илаж болып есапланады.
Бул сиясий илажды мәмлекетимиздиң Конституциясы ҳәм нызамлары, улыўма тән алынған халықаралық демократиялық стандартлары тийкарында өткериў ҳәр тәреплеме пуқаралардың сиясий мәденияты ҳәм белсендилиги, пуқаралық миннетлемесин терең аңлаўына байланыслы.
Сайлаўшылар жәмийетте алып барылып атырған демократиялық реформалар ҳәм олардың нәтийжелеринен кеңнен хабардар болған, өзиниң даўысы жәмийет ҳәм мәмлекет турмысы, елиниң келешеги ушын қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенин аңлап жеткенде ғана сайлаўлардан гөзленген мақсетке ерисиў мүмкин.
Жаңадан қабыл етилген Сайлаў кодекси менен сайлаў нызамшылығына киргизилген соңғы жаңалықлар, Орайлық сайлаў комиссиясының сайлаў мәселелерин тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқуқый ҳүжжетлердиң мазмун мәнисин, сондай-ақ, сайлаўшылардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин кеңнен түсиндириў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыў – әҳмийетли ўазыйпа.
Усы мүнәсибет пенен Орайлық сайлаў комиссиясы халықтың кең қатламлары, атап айтқанда, ҳаял-қызлар, жаслар, әсиресе, биринши рет даўыс беретуғын пуқаралар, нуранийлер, майыплығы болған шахслар, әскерий хызметкерлер, мийнет жәмәәтлери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери арасында, олардың сайлаў процесинде белсендилигин арттырыў, сиясий билим дәрежесин көтериўге қаратылған үгит-нәсиятлаў жумыслары нәтийжелилигин буннан былайда арттырыў мақсетинде 2019-жылдың 20-октябринен 20-ноябрине шекем мәмлекетимизде «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығын» өткериўге қарар етти.
Усылардан келип шығып, сайлаўларға байланыслы процесслер бойынша үгит-нәсиятлаў илажларын әмелге асырыў ҳәм оларды ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен сәўлелендирип барыўға қаратылған илажлардың режеси тастыйықланды.
Үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыў даўамында мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаўларды өткериўде сайлаўшылардың ҳуқықый билимин және сайлаў мәдениятын арттырыў, Сайлаў кодексиниң мазмун-мәнисин халыққа жеткериў, пуқаралардың сайлаў ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында кеңнен түсиндириў ҳәм сайлаў процесинде нызамшылықты тәмийинлеў мәселелерин ашып бериў, сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўде сайлаў комиссияларының тутқан орны ҳаққында хабардар етиў, даўыс бериўди шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша тәртип-қағыйдаларын түсиндириўге айрықша итибар қаратылады.
Онда үгит-нәсиятлаўдың барлық алдынғы технологияларынан, соның ишинде, дөгерек сәўбетлери, семинарлар, ушырасыўлар, тиккелей сөйлесиўлер, конференциялар, тренинглер, оқыў сабақлары, таңлаўлар, викториналар өткериў, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлардың имканияларынан кеңнен ҳәм нәтийжели пайдаланыў нәзерде тутылған.
Бундай илажлардың барлығы, соңғы нәтийжеде халықтың белсене қатнасыўы ҳәм мәмлекетимиз тәғдири ушын жуўапкерлик сезимин күшейтиўге хызмет етеди.
Ийгиликли умтылыс
-Билиўимизше, ОСК қарарында Халық билимлендириў министрлигине айлық шеңберинде улыўма билим бериў мәкемелериниң оқыўшылары арасында «Мен де келешекте даўыс беременӘ» темасында шығармалар ҳәм сүўретлер таңлаўларын шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленген. Сайлаў мәселелерине оқыўшыларды тартыў бираз ерте емес пе?
– Буның таңқаларлық жери жоқ. Елимизде жаслардың, соның ишинде оқыўшылардың да, сайлаўларға байланыслы ҳуқықый билимин арттырыў пайдадан жырақ емес. Себеби, кейинги жылларда күшли демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў жолында нық қәдемлер тасланып атырған Өзбекстанда улыўма тән алынған халықаралық принциплерди өзине сиңдирген көплеген жаңа нызамлар, пәрманлар ҳәм қарарлар қабыл етилди. Оларды оқыў-үйрениў ҳәм билиў ҳуқықый демократиялық жәмийет қурыў, абадан турмысқа ерисиўдиң ең әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады.
Себеби, сайлаўшы сайлаў бюллетенин толтырар екен, сайлаў процесслери, сиясий партиялар, мәмлекетлик ҳәкимияттың бөлиниўи, нызамлардың не екени ҳәм олардың қалай қабыл етилиўи ҳаққында анық көнликпеге ийе болмай, түсинбей турып даўыс бериўи қыйын. Бундай алдынғы демократиялық идеяларды ул-қызлардың санасына жаслайынан сиңдириў – өзиниң ертеңи күнин ойлаған миллет, халық ушын оғада зәрүр, деп ойлайман.
Сол себепли оқыўшылар арасында «Мен де келешекте даўыс беременӘ» темасында сайлаўлардың мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы әҳмийетине байланыслы түсиниклерди қәлиплестириўге қаратылған шығармалар ҳәм сүўретлер таңлаўларын өткериў – ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға арзыйтуғын баслама.
Барлық сораўларға жуўап бар
– «Сайлаў ныамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығын» өткериў процесинде нызым ҳүжжетлери, соның ишинде, Сайлаў кодекси, Орайлық сайлаў комиссиясының сайлаў мәселелерин тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм зәрүр әдебиятлардан пайдаланыўға талап сезилетуғыны тәбийғый. Оларды қай жерде ҳәм қалай табыў мүмкин?
– Сайлаўлар процесинде мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланыў көлеми кеңейип атырған заманда, мине, усы мәселеде машқала болмайды, деп үмит етемиз. Дәслеп Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий «elections.uz» веб сайтынан сайлаўларға байланыслы дерлик барлық зәрүр нызам ҳүжжетлери, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Сайлаў кодекси, сондай-ақ, ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер, түсиниклер, мақалалар ҳәм экспертлердиң пикирлерин арқайын табыў мүмкин.
Ҳәзирги ўақытта сайлаў шөлкемлестириўшилери ҳәм сайлаўшылар жеделлик пенен пайдаланыў ушын арнаўлы ислеп шығылған «Saylov – 2019» мобил қосымша зәрүр мағлыўматлар менен турақлы толықтырылып барылмақта. Арнаўлы Телеграм-бот мессенджер каналы ислеп турыпты. Әсиресе, Орайлық сайлаў комиссиясының Халықаралық баспасөз орайында турақлы ислеп турған улыўма республикалық «1197» телефон номерине бийпул қоңыраў етип, мәмлекетимиздиң сайлаў нызамшылығы, усы жылдағы сайлаўларға таярлық көриўи ҳәм оларды өткериўге байланыслы барлық сораўларға қәниге ҳәм экспертлерден профессионал жуўап алыўы мүмкин.
Булардың ҳәммеси, соңғы нәтийжеде халқымыздың абаданлығын және де арттырыў, перзентлеримиздиң келешеги, Ўатанымыздың тынышлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Сәўбетлескен:
Зиёда АШУРОВА
дәрек: xs.uz
Қарақалпақстан хабар агентлиги