«БУЛ ЖЕР ЕЛЕ ЗОР БОЛАДЫ…»
Арал. Оның басындағы ҳәсирет, экологиялық апатшылық, жаңадан пайда болған саҳрадағы шөлистанлықлар… Булар ҳаққында жүдә көп жазылды, айтылды, бийик минберлерден дабыллар қағылды. Сусты басым бул теңиз еле алдынғы айбатын жойтқысы келмейди, үстинен азғана жел турса да қүдиретли толқынларын көрсеткиси келип тербенисин күшейтеди.
Кәсибимиздиң талабына бола, елимиз пайтахтында, Қарақалпақстаннан алыс ўәлаятларда көп боламыз. Сонда олардың көпшилиги бизден Арал, Мойнақ ҳаққында сорайды. Баспасөзден, интернеттен алынған мағлыўматларды айтыў менен ғана шекленемиз. Өзлери де билетуғын бул информациялар оларды қанаатландырмайды. – «Аралды өз көзиңиз бенен көрдиңиз бе?» – деген сораўына «яқ» деўге уялып Мойнаққа барып туратуғынымызды айтыў менен шекленемиз.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың Республикамызға болған айрықша итибары, соның ишинде Өзбекистанның ең арқа аймағында жайласқан Мойнақ районының социаллық-экономикалық турмысын, халық хожалығының барлық тараўлары менен бир қатарда экологиялық туризмди раўажландырыўға қаратылған әмелий ис-илажлары, халқымыздың Арал ҳәм оның бойындағы инфрaструктуралар келешегине деген қызығыўшылықты және де күшейтти.
Кең жәмийетшиликтиң усындай итибарын есапқа алған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм ҳүкимети Қарақалпақстан хабар агентлиги, Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими интасын қоллап-қуўатлап Өзбекстандағы орайлық ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын медиасаяхат шөлкемлестирди.
Май айның 27-28 сәнелеринде болып өткен бул илажға республикамыздың қырықтан аслам журналистлери қатнасып мәмлекетлик бағдарламада көрсетилген экотуризмди раўажландырыў жолындағы ислерде биринши қәдемлерин қойды.
МӘНЗИЛ АЛЫС, ЖОЛ РӘЎАН
Бул экологиялық саяхатты шөлкемлестириўде хызмети үлкен, топар басшысы, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры Есимқан Қанаатовтың алдын-ала узақ мәнзилге, ықлым-шараятларға байланыслы еслетпелерине муўапық барлық керек-жарағын алған журналистлер бирлесип таңғы саат 4 те Нөкистен Арал теңизине қарай жол алдық.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын экономикалык раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалар бойынша шөлкемлестирилген бул илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети консультанты Қ.Юсупов, Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими гуманитар илимлери илимий-изертлеў институты уникал объектлер бөлими баслығы, экскурсовод В.Ягодин, Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти, биология илимлери кандидаты Я.Әметов ҳәм ҒХҚ ўәкиллери жолдас болды.
«Өзавтодәрьятранс» агентлиги Қарақалпақстан бөлими ҳәм «UzKorGaz Chemical», «Зарубежнефтьгаз – ГПД Центральная Азия», «Устюрт-газ» кәрханаларының қәўендерлик жәрдеми арқасында берилген замангөй «Джип» ҳәм «УАЗ», «ГАЗель» маркалы машиналары алыс жолды қысқартып «жер танабын қуўырып» киятыр. Машиналар ишиндеги нөкисли мийманлар таңғы гөзаллыққа бөленген тәбиятты тамашалаў менен бирге ташкентли кәсиплеслеримиздиң сораўларына жуўаплар берип бир-бири менен тәжирийбе алмасыўды усы жерден-ақ баслап жиберди. Ҳәммениң жүзинде хош кейпият сезимлери сезиледи. Себеби, олардың көпшилиги Арал теңизине биринши мәрте баратыр.
Қоңырат районы ҳәкимияты алдында усы мәканның Қәдир Байжанов басшылығындағы хошҳаўаз қосықшы-сазенделерин қатарымызға қосып алғаннан соң сапарымызды Уллы Жипек жолы бойлап және даўам еттик…
ҮСТИРТТИҢ ТИЛСИМЛИ ДҮНЬЯСЫ
Райондағы «Рәўшан» хожалығының үсти менен бийиктеги Үстиртке қарай өрледик. Заманға сай қүдиретли машиналарда болсақ та төбеге көтерилген сайын бойымызды қорқыныш бийлеп, аман-есен жоқарыға шығып алыўды жаратқанымыздан тилеп баратырмыз. Үстирттен келген тәрепимизге қарағанымызда бизиң жасап атырған мәканымыз ҳақыйқый Туран ойпатлығы екенлигине исенимимиз кәмил болды.
Үш мәмлекетти шегараластырған, улыўма майданы 200 мың квадрат километрди ийелеген Үстирттиң бәҳәрги жасыл тәбияты, жол бойындағы гә шарықлап, гә төменлеп ушқан шөл бүркитлери, аңшылардың азығы болған түлки, қоянлар, бар сулыўлығын қанатларында жәмлеген қырғаўылар тилсимли Үстирттиң дүньясына бизлерди әсте-әсте жетеклей берди.
Әтираптағы тәбиятты сүўретке алыў ушын дрон камераларды әл-ҳаўаға ушырғанымызда мәмлекетлик гербимиздеги бахыт тымсалы болған қумай қусларының бизди айлана пәрўаз етиўи, оның жақсы нийетлеримизге тилеклес болып, уллы, жарқын келешегимизге жол силтеп атырғанына дәректей сезилди.
Үстиртке төрлеген сайын уллы шайырымыз Ибрайым Юсупов көп қосықларында келтирген жуўсан ийиси мурнымызды жарып, тәнимизге қандай да бир тетиклик бағышлап, туўған жерге деген сүйиспеншилигимизди және де арттырды.
Экосаяхат барысында кеўлимизге шеги жоқтай сезилетуғын бул Үстиртте инсан қолы менен жаралған, сондай-ақ тәбияттың өзи пайда еткен оғада қызығарлы затлардың көп екенлигине гүўа болдық.
Үстирт каньонлары (географиялық атама, суў жуўып пайда еткен узын қыялықлар) – шет елли туристлердиң де дыққатын айрықша тартып атырған тәбияттың гөззал көриниси. Бундай каньонлардың ҳәр түрин теңизге жетемен дегенше тез-тез ушыратыў мүмкин.
Фото: Үстирт каньонлары
Бул жерден онлаған километр батыста жайласқан XVII-XVIII әсирлердеги көшпели қәўимлерге тийисли қойымшылықлар, ондағы қулпы таслар, таслардағы таңбалары, ойып жазылған араб тилиндеги жазыўлар медиатур қатнасыўшыларында үлкен тәсирлер қалдырды.
Үрге тумсығығындағы Мойнақтан шыққан баржаларға белги бериўши маяк-минара. Бул тарийхый минараның үстине шығып көз талар дәрежедеги Үстирт шексизликлерине қарағанымызда көз алдымызға еспе қумлар арасындағы гиддиман пароходларда теңизшилер қол былғап турғандай сезилди.
Үстирттиң тағы бир әжайыбаты теңиздиң ҳәзирги сақланып қалған бөлегине жақын жайласқан Ақтумсық қуламасынан түсер жердеги илимде еле толық изетленбеген «Даўлетгерей» ески қорғаны да бизди жүдә таң қалдырды. Әсиресе, қаланың бүгинги күнге дейинги сақланып қалған бөлиминдеги таў тасларының саррас анықлықтағы геометриялық өлшемлерде өрилгенлиги, безеўлери бизиң ата-бабаларымыз өз дәўириниң шебер усталары, кеўли ояў инсанлар болғанлығынан дәрек береди.
Фото:«Қорғанша» (Дәўлетгерей) естелиги
– XII-XIII әсирлерге тийисли «Қорғанша» (Дәўлетгерей) деп аталған бул археологиялық комплекс Мойнақтың арқа-батыс теңиз жағалаўларындағы шың (чинк)лардың бирине жайласқан,-дейди биз бенен сәўбетте экскурсовод Вадим Ягодин, – Бул естелик туўралы дәслепки дереклер XIX әсирдиң тарийхый әдебиятларында ушырасады. Бизиң илимпазларымыз 1974-75-жыллары комплексте изертлеў жумысларын алып барған. Бирақ бул жердиң еле ашылмаған сырлары көп. Үстирттиң жасырып қойған жер асты байлықларындай археологиялық естеликлериниң сырлары тереңге көмилмесе де тарийхы тереңде екенлиги ҳәммемизге мәлим.
Усындай экотуризмлер себепли бул жумбақлардың шешимин жас илимпазларымыз ашып саяхатшыларымызға кеңнен түсиндиретуғынлығына исенемиз.
СУДОЧЬЕ – СУЎЫ ДУШШЫ МА?
Арал қайтты, бирақ сақый әкелердей, нешше әсирлик өз үлесин еншиге берип кейин шегине баслады. Теңизден еншисин алған көллердиң бири Судочье. Үрге тумсығында жайласқан бул көл соңғы жыллары пайда болды. Дәрьяның Арал теңизине қуяр аймағында жайласқан Үрге өткен әсирдиң 20-70-жылларында елимиздиң балықшылық тараўындағы үлкен санаат аймағы болған. Бул жерде жергиликли халықлар менен бирге ураллы казаклар, орыслар ҳәм басқа миллет ўәкиллери де жумыс ислеген. Әмиўдәрьяның ылайлы суўы теңизге қуўылып, теңиз суўының ашшылығын өзине сиңирмей бирнеше километрге шекем ашшы суў менен душшы суў айқасып, жағалықта душшы суў жеңсе, теңиз ишине кирген сайын ашшы суўдың қолы бәлент келип өзине бойсындырып барған. 1960-жыллары Үргеден теңиздиң ишине бирнеше километр кирген қайықлы жағалаў менен параллель жүзсе кемениң теңиз жағы ашшы, жаға тәрепи душшы суў болған. Теңиз суўы душшы болғанлығы себепли “Душшы суў”лы бул тумсықты қарақалпақ тилинде дурыс айта алмаған өзге миллет ўәкиллери суўы душшы – «суў душ» – «суў дуч» деп, соң Судочье болып қәлиплесип кеткен деген дусмаллы пикирлер бар.
Қарақалпақстан Республикасы экологиялық зонасының биологиялық көптүрлилигин қоллап қуўатлаўшы бул көллер системасы регионның ең жақсы сақланып қалған аймақларынан есапланады.
Судочье көли өзиниң жайласыўы бойынша Сибирь ҳәм Тундрадан қублаға ҳәм қубла-шығысқа, жыллы еллерге ҳәм кейинге ушатуғын трансконтинентал мигрант қуслардың батыс-азия миграциялық жолында жайласқан.
50 мың га майданға ийе болған бул көл елимиздиң арқа-батысында жайласып бирнеше көллер системасынан (киши ҳәм үлкен Судочье, Қаратерең, Бегдулла айдын, Омар салым, Қаражар, Ақушпа ҳ.т.б.) турады. Ол қуслардың уялаў, ушып өтиўши қуслардың дем алыў, ушыў алдынан азықланыў орны болып хызмет етеди. Буннан басқа бул жерде сийрек ҳәм жоғалып баратырған бирқанша қуслар (ақ қуўлар, қиши қарабай, ақбас үйреклер, ийтелги, қыранқара, шөл күйгелеги ҳәм туўалақ) уялайды.
Көл көплеген гидрофиль түрлердиң (соның ишинде бирқанша сийрек ҳәм жоғалып баратырған) тийкарғы уялаў ҳәм миграция ўақтында Батыс Азия миграциялық жолындағы ушып өтиўши қуслардың тоқтап өтиў орны болып табылады. Сонлықтан 1991-жылы бул жерде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары менен «Судочье» мәмлекетлик орнитологиялық буйыртпаханасы шөлкемлестирилди. 2007-жылы болса Судочье көллер системасы «Өзбекистанның әҳмийетли орнитологиялық аймағы» статусын алды ҳәм халықаралық дизимге (UZ002) киргизилди. Ҳәзирги ўақытта Судочье көллер системасында 18 отряд ҳәм 48 семействоға тийисли 240 қус түри жасайды. Солардан 111 түри уялаўшылар, 22 қыслаўшылар, 25 отырықшы, 82 түри ушып өтиўшилер. Олардың ишинде 28 түрли қуслар Өзбекистан Республикасы Қызыл китабына (2009) кирген.
2014-жылы Судочье көллер системасында орнитологиялық изертлеўлер алып барыў нәтийжесинде сийрек ушырасатуғын қус есапланған ҳәм Өзбекистан Республикасы Қызыл китабына (2009) кирген фламингоның үлкен уялаўшы колониясы табылды. Қуслар колониясы сайыз, дузлы суўлы көлдиң үлкен болмаған атаўында жайласқан болып бул жерде олардың 2985 уясы табылды. Жергиликли халқымыз қызыл ғаз деп атаўшы уялаўшы фламингоның колониясының бизиң үлкемизде табылыўы үлкен илимий жаңалық болды, себеби, фламинголар бурын ҒМДА еллери бойынша тек Қазақстан Республикасы аймағында уялайтуғын еди. Бул және бир мәрте Судочье көллер системасының биологиялық көптүрлиликти сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе екенлигин көрсетеди.
Көл жағалап жүргенимизде шамасы ҳәр 10 км ден Үстирт жағалаўларында хабарландырыўшы минаралар гүзетшилигин ушыраттық. Гүзетши минаралар да алыстан айбатлы үлкен көринсе де жақынлаған сайын «көп әсирлик» миймандослығына салып киширейип кишипейиллик пенен күтип алады. Узыны ҳәм ени бирдей 6,55х6,55м болып тәбийғый Үстирттиң бақаншақлы таў тасларынан өрилген бул минаралардың бийиклиги 4,4м болып дийўалының қалыңлығы 1,05м. Минараның хабарландырыўшы от жағар төбе бетиниң көлеми 3,75х3,75 м. Бул минаралардың үстине минип көрсең нар қамыслардың отта күйген қалдықларын ушыратасаң. Бул жанған отлар бул жерлерде жасаған бизиң ата-бабаларымызды душпан ҳүжиминен хабарландырып сергекликке шақырғанынан дәрек берсе, соңғы жыллары қаншама адасқан балықшылар кемесине жағаны көрсетиўши маяк болғаны анық.
Мәнзилимиз белгили, ўақтымыз шеклеўли болғанлықтан минаралар менен де узақ сәўбетлесип отыра алмадық. Үргеге қарай ойға қуладық.
ҮРГЕ – БАЛЫҚШЫЛАР МӘКАНЫ
Тарийхта аты белли Үргеде ҳәзир балықшылардың бир ғана заманагөй үйи қалған. Әзелден, балықшылар мәканы есапланған усы елатта бурын мектеп, емлеўхана, китапхана, қулласы халыққа қолайлы барлық шараятлар болған. Теңиздиң қайтыўы менен бул мәканның да қуты қашқан. Жергиликли турғынлар кәсип-кәрин өзгертип дәрьяға жақын аймақларға қоныс өзгерткен.
Медиясаяхатшылар ашық майдандағы дала шертегиниң астында түсленип алды да, ески Үргениң 12 километрге созылған тар көшесиниң орнынан көл жағалап саяхат етти. Усы жерде Өзбекистан, MY5, Қарақалпақстан телеканаллары Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети консультанты Қ.Юсуповтан интервьюлер алды. 1924-жылы тастан қалап салынған балық дузлаўшы, тоңлатыўшы шолаңды тамаша етти. Арал теңизине қарай жол жүрер алдынан жол ашар сыпатында ҳәммениң хош кейпият бағышлаў нийетинде Қәдир Байжанов басшылығындағы хошҳаўаз қосықшы-сазенделер Арал, Қарақалпақстан тәбияты ҳаққындағы қосықлар айтып ҳәммеге күш-қуўат бағышлады.
Үргениң тусынан және жоқарыға көтерилдик. Түскенде билинбеген бийиклик көтерилерде кимди болса да албыратайын дейди екен…
Үстирттиң үстине шыққаннан соң машиналар сап дүзеп Арал теңизиниң ең үлкен айдыны есапланған Ақтумсыққа қарай жол алды.
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, АРАЛ!
Аралықты сақлап алдынғы машиналардың шаңғытын көрип, жол өндирип киятырсақ, сапты бузып еки машинамыз изде қалып қойды. Билсек, Қаражар қуламасында фламинго қусларының үлкен топарын байқап қалған телеоператорлар дәрҳал машинасын тоқтатып, съёмкаға алыў ушын Судочьениң аяқ бетине қарай 5 км жаяў жол жүрип кеткен екен. Араны ашып Үстирттиң үстиндеги газ компрессор станциясында күтип отырдық. Көптен күткен фламингосын сүўретке алған сүўретши ҳәм операторлар минген машина арадан еки саат өткеннен соң арамызға қосылды. Уттырған ўақытты өндириў мақсетинде жол баслаўшы машинамыз тезлик пенен теңизге қарай жол баслады. Шаңғыты аспанға көтерилген Үстирттиң үстинде машиналар сап дүзип жүриў қыйын болғанлықтан бир-биримизди көзден қашырмай тарам-тарам жоллардан қатар дүзеп алға умтылдық. Солай да болса Үстирт Үстиртлигин етип бир биримизден ажырастырды. Жол баслаўшысыз қалған төрт машина газопровод үстине тартылған электр линиясын жағалап Ақтумсыққа бет алдық. Төртеў түўел болып, күн бата Ақтумсықтың етегиндеги Аралдың үлкен айдынын таў үстинен көрип, 19-узатқыштағы (релейка) қуламадан (түсерлик) төмен түсип «Тазабай гранд сервис» туристлик агентлигиниң қараүйли мийманханасына шөктик. Алдын кеткен еки машина бизлерден соң 3 сааттан соң жетип келди. Бир қазан әтирапында басымыз қосылған кешки аўқат ўақтында да гәп тек усы тәкрарланбас сапарымыз ҳаққында болды. Теңиз бойында от жағып, дөгереклеп отырып таў етеги сахнасында қосық айтып, мәдений-руўхый ләззетке бөлендик. Бул жерде бизге АҚШ, Уллы Британия ҳәм Германиядан келген саяхатшылар да қосылып кешемизге сән берди.
Кеш жатсақ та сағындырған Арал дийдары, теңиздиң таза ҳаўасы уйқымызды қандырып ерте ояндық.
Азанғы шай ҳалқастан соң жанлы графикада «АРАЛ» жазыўын дрон камераларына мөрлеп, теңизге жол алдық. Жүрегиң шәўкилдегенде жақын жер де алыс көрине ме, ийек астындағы теңиз суўына ең кеми 3 километр жол жүрип жетип бардық.
Бул жерде бизди ӨзИА ҚҚ бөлими баслығы, экономика илимлери докторы Н.Айымбетов моторлы қайығы ҳәм еки квадрацикллерде күтип алып, медиасаяхатшыларды теңиз жағасындағы минераллар менен тойынған балшықта шомылыўдың, теңиз суўының пайдалы тәреплери, теңизде аўланатуғын артемиялар ҳәмде бул жерде туризмди раўажландырыў потенциаллары ҳаққында мағлыўматлар берди.
Таңғы салқынлыққа қарамай көпшилик теңизге шомылып, өз өмирлерин айтып жүрерлик ўақыя менен байытты. Кими қайықта теңизди жүзсе, кими квадрацикллерде жағаны гезип теңиздиң жағымлы самалында өзлерин қустай жеңил сезди. Қәнигелерден интервьюлер алды.
Көп өтпей теңиз журналистлерден сырларын жасырмақшы болды ма күн түнерип, қалың бултлар аспанды қаплады. Силпилеген жаўынды писент етпеген медиасаяхатшылар өз жумысларын даўам еттире бергеннен соң жамғыр күшейип жаўын менен «сабалаў»ға қарады. Бурыннан тәжирийбели жолбаслаўшыларымыз жамғырда қуламадан таўға шығыў қыйын болатуғынлығын ескерткеннен соң, ҳәмме теңиз бенен ўақытша хошласып изге айланып, сап дүзеп таўға шыға басладық.
Азғана жүргеннен соң аспанның жийеги ашылып, жамғыр да тынды. Үстирт қыялықлары жағаларында тәбияттың «тәбийғый мүсиншилик өнерлери» болған Үстирт әжайыбатлары менен танысып, «Әжибай қолтық»тан төмен түсип теңиздиң ултаны менен Мойнаққа қарай жол алдық.
Теңиз ултанында Сүргил кәнлериниң үлкен минаралары бизлерге қол былғап жер астынан алып атырған тәбийғый газлери менен мақтанды.
Бурын Сүргил дегенде Үстирт газхимия комплексин түсинетуғын едик. Сүргил газ кәни менен Үстирт газ химия комплекси аралығы 100 кмден зыят екенлигин усы жерде билдик. Усы Сүргил кәнинен шығып атырған газ Үстирт үстиндеги 2015-жылы ашылған «UzKorGas Chemical» қоспа кәрханасына жеткериледи екен.
Не ушын завод усы кәнниң қасына салына қоймады екен, деп ойға бериле баслағанымызда, ойымызды сезгендей жолбаслаўшы шоферлардың бири: Сүргил газ кәни Аралдың қурыған ултанынан шығып атыр, негизинде алдын завод усы жерде қурылыўы режелестирилген, бирақ келешекте Арал қайта толыўы мүмкин екенлигин ескерип, бул жерден 100 км алыста, таўдың, яғный Үстирт платосының үстине қурған екен, деди. Бундай дусмаллы фактлер ҳақыйқатқа сәйкес келеди екен, м-м-м, деп бас ийзестик. Илайым, Арал толғай, дедик.
Сүргил қуламадан (спуск) түсип, Аралдың қурыған ултаны менен Сүргил газ кәнине қарай 30 км жол жүрдик. Бир күн алдын жамғыр нөсерлеп жаўған. Заманагөй машиналарымыз ыңыранып зорға киятыр. Бурынғы теңиздиң асты менен киятырмыз. Буннан 60 жыл алдын бул жерде 15-20 метр бийик суў болған. Ҳәзир уллы саҳралық. Усыларды қыялдан өткерсең, кеўлиң және қулазыйды. Қуўанарлығы, теңиздиң қурыған ултанында жыңғыл, сексеўил, қарабарақ өсимликлери қаплап кеткен. Олардың арасында қоян, түлкилер ара-тура бой көрсетип қояды.
Кеўиллер ғамға толады. Бир әўлад көз алдында теңиз қурып кетти. Теңиз ултанындағы бақаншақлар кимниң болса да көкирегин қарс айырары сөзсиз…
Теңиз ултанына қарап, узақ-узақ ойларға таласаң. Әттең, теңизден айрылдық. Бирақ, Арал мәрт екен. Бизден жағаларын алысқа әкеткен болса да, жалын теңизин (тәбийғый газ) бизге инам етип кетти. Биз буған Сүргилге келгенде анық көз жеткиздик. Газ скважиналары, гиддиман жүк машиналары, заманагөй мийманхана, үлкен лагерь, тынбай мийнет етип атырған жерлес жумысшылар. Биз еки күн елсиз жерде жол жүрип, цивилизацияға кирип келгенимизде Арал жағалықларын қыймай қайта еске алыстық.
КЕЛЕШЕГИ УЛЛЫ МОЙНАҚ
Сүргилден шығып, алдынғы Үшсай порты арқалы Мойнаққа жетип келдик. Бизлерди Мойнақ районы ҳәкимияты алдында район ҳәкими Сайлаўбай Дәнияров күтип алды ҳәм балықшылар елатының тарийхый орынлары менен таныстырды. Медиасаяхатшыларға Мойнақтың халық хожалығын раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, бул аймақта экотуризмди раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар туўралы айтып берди.
Президентимиздиң Мойнақ районы бойынша қабыл еткен қарарына муўапық, бул аймақта экотуризмди раўажландырыў бойынша теңиз бойында емлик қәсийетке ийе балшыққа түсиўди, теңизде моторлы қайырларда саяхат етиўди, жағалықларында квадрацикллерде жүриўди шөлкемлестириў, Мойнақ қаласында бийиклиги 18 метр болған «Мойнақ маягин» қурыў, Мойнақ үлкетаныў музейин қайта реконструциялаў, экофестиваллар шөлкемлестириў, «Аралдың 99 балықлы тағамы» атамасындағы гастрофестивал, жазыўшы-шайырлар, илимпазлар ҳәм пүткил әдебиятқумарлар менен бирге «Әжинияз ҳәм Бердақ күнлери»н өткериў ҳәм басқа да кеўил ашар илажлар шөлкемлесиў бойынша алып барып атырған жумыслар менен танысып, Мойнақ қаласында жақында ғана жумыс баслаған тойханада дәм татып медиясаяхатымызды жуўмақладық.
Саяхатымыздан кейин бир ҳәптеден артық ўақыт өтсе де күни кешегидей көз алдымызда турған Арал теңизи, Мойнақ қаласының, пүткил мойнақлылардың уллы келешеги ушын бизлер де азы-кем пикир билдирип өтиўди мақул көрдик:
Ҳәр бир адам Аралды келип көриўи керек. Сонда ғана оның кеўлинде Ўатанға, Аралға, тәбиятқа деген сүйиспеншилиги артады дейди, биз бенен болған сәўбетте медиатур басшысы, Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры Есимқан Қанаатов.
Бизиң пикиримизше де жергиликли экотуризимди раўажландырыў ушын:
Экотуристлик жол карталары ислеп шығылыўы;
Туристлер (ҳәмме ушын) ушын жолкөрсетиўши белгилер орнатылып, аралық узақлықлары жазылған жол белгилери жол бойына орнатылыўы;
Үстирт тегислигинен теңизге түсерликлерди (халық тили менен айтқанда қуламаларды) заманагөй техникалар менен тегислеп талапқа жуўап берерлик етип қайта ислеўи;
“Судочье” көлиндеги тәбиятты, сан түрли қусларды тамашалаў ушын жоқарыда бақлаў трубаларын (подзорная труба) орнатыў (себеби қусларды жақын барып биймаза етиўге болмайды);
Арал, Мойнақ, Қарақалпақстан тәбияты, ҳайўанатлар, қуслар, өсимликлер дүньясы ҳаққындағы толық мағлыўмат бериўши жетик гидлердиң (экскурсовод) таярланыўы зәрүр.
Бул үлке туўралы көрсетиўлерди, роликлерди, саяхатнамаларды, Үстиртиң тилсимли дүньясының әжайыбатлары туўралы мақала ҳәм гүрриңлерди тез-тез ҒХҚ берип барыўдай илажларды әмелге асырсақ бизиң медиасаяхатымыздың алдына қойған мақсети ҳәм ўазыйпаларын орынлаўға үлеслеримизди қосқан боламыз.
Абдулла ЕМБЕРГЕНОВ
Әбдималик ХОЖАНАЗАРОВ
Өзбекистан журналистлери дөретиўшилик аўқамы ағзалары.
Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги фотохабаршысы Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.