Өзбекстан Орайлық банки 2019-жылдың 5-сентябринен сырт ел валюталарының сумға салыстырғандағы баҳасын белгиледи.
Оған бола, 1 АҚШ доллары 9384.57 сум етип белгиленди. Бул болса доллар курсының өткен ҳәптеде белгиленген баҳасына салыстырғанда (+10.64) сумға артқанын көрсетеди.
Евроның курсы болса 27-августтағы көрсеткишке салыстырғанда (-149.56) төменлеп, 10296.75 сум етип белгиленди. Сондай-ақ, Россия рублинде де төменлеў (-1.31) бақланып, 140.61 сумды қурады.
Орайлық банк бул валюталарды усы баҳада сатыў ямаса сатып алыў миннетлемесин алмаған.
ӨзА