Ғәрезсизлик байрамының қуўанышы даўам етип атырған усы күнлерде елимиздиң келешеги болған жас жигит-қызлардың кеўиллери қуўаныштан толып-тасып, жаңа оқыў жылын баслады.
Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында жаңа 2019/2020 оқыў жылын мүнәсип күтип алыў, билимлендириў тараўындағы жаңа басқышларды терең түсиндириў мақсетинде илаж шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан аймақлық басқармасы баслығы Т.Баекеев, Қарақалпақстан телерадио узатыў орайының баслығы Е.Қалбаев, Қарақалпақстан Республикасы электромагнит сыйымлылық хызметиниң баслығы И.Реимов, ТИТУ Нөкис филиалы директоры, техника илимлериниң докторы Б.Қайыпбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, филиал жәмәәтин ҳәм студентлерди жаңа оқыў жылы менен қызғын қутлықлады.
2019/2020 оқыў жылында филиалға 6 қәнигелик бойынша жәми 236 студент, сыртқы бөлимге 2 қәнигелик бойынша 85 студент, сондай-ақ, магистратура қәнигелигине 5 магистрант қабыл етилди.
Жаңа оқыў жылын филиал үлкен жаңалық пенен күтип алды. ТИТУ Нөкис филиалында Беларусь мәмлекетлик информатика ҳәм радиоэлектроника университети менен биргеликте қоспа факультет ашылып, оған 2 қәнигелик бойынша 50 студент қабыл етилди.
Филиалға 2019/2020-оқыў жылында жоқары балл менен қабыл етилген студент жасларға ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги