2019-жыл 29-июль – 15-август күнлери күндизги, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түрлери бойынша республикалық жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына кириў тест сынақлары, көпшиликтиң атап өткениндей, әдил, объектив ҳәм белгиленген тәртип тийкарында өтти. Бир ғана тест болып өтетуғын имаратқа кириўде заманагөй техникалық қураллар ҳәм усыллардың қолланылыўы объективлик ҳәм әдилликти тәмийинлеў бағдарындағы үлкен қәдем болды, деп жазбақта Мәмлекетлик тест орайы.
Көпшиликке мәлим, алдынғы жылларда қабыллаў процесинде абитуриент сүўретке түсип, оны ҳақыйқый абитуриенттиң орнына «өтирик абитуриент» сүўретке түсиўи арқалы қәлбекилестириў мүмкин еди. Бул өз гезегинде әмелдеги тәртиптиң қопал түрде бузылыўына алып келип, өкинишлиси, бундай жағдайларды анықлаў қыйыншылықларды пайда ететуғын еди.
Быйылғы жылы өткен жыллардағы тәжирийбелерден келип шыға отырып, абитуриентлерди дизимге алыўда олардың паспорт мағлыўматлары ҳәм сүўретлери Ишки ислер министргининиң миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бас басқармасының паспорт виза системасынан алынды және тест сынақлары болып өтетуғын имаратқа кириўде видеофиксациялық қурылмалар арқалы абитуриентлердиң шахсы анықланды. Видеофиксациялық қурылмалар арқалы тексерилгенде сәйкеслик дәрежеси төмен болған жағдайларда, бармақ излерин тексериў қураллары қолланылды. Бул усыл қәлбекиликти анықлаўда бир қанша унамлы нәтийже берди. Нәтийжеде имаратқа кириўге ҳәрекет еткен көплеген «өтирик абитуриентлер» анықланды. Олардың барлығы белгиленген нызамшылық шеңберинде шара көриў ушын ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллерине тапсырылды.
Мәмлекетлик тест орайы өзиниң рәсмий телеграм каналында айырым «өтирик абитуриентлер» ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялады.
Сүўретлерде шеп тәрепте абитуриентлер, оң тәрепте абитуриентлердиң орнына тест сынақларына кириўге ҳәрекет еткен адамлардың сүўретлери келтирилген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.