Өзбекстан ҳәм Қытай мәмлекети басшыларының келисимине муўапық Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Ариповтың басшылығындағы делегация ҚХРға сапар етип барды.
Сапар етиў даўамында Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин, ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Кэцян ҳәм басқа да рәсмий адамлар, сондай-ақ, исбилермен топар ўәкиллери менен ушырасыўлар болып өтти.
Ушырасыўларда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм ҚХР Баслығы Си Цзиньпин арасында болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ўақтында ерисилген келисимлердиң орынланыўы додаланды. Еки мәмлекет басшыларының турақлылыққа ийе болған ушырасыўлары ҳәм сиясий ерк-ықрары себепли Өзбекстан ҳәм Қытай арасында көп тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.
Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан-Қытай ҳүкиметлераралық комитетиниң бирге ислесиў бойынша мәжилиси өткерилди. Онда еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық қатнасықларды және де раўажландырыў, инновациялар, технологиялар, сондай-ақ, транспорт коммуникациялары тараўында бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан экономикасын модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыўға қаратылған жаңа инвестициялық жойбарлар бойынша перспективалы келисимлерге ерисилди.
Өзбекстан делегациясы Щэньчжэнь қаласына да барды. Бул жерде ири компаниялардың жумысы менен танысты ҳәм бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағына бола еки тәреплеме келисимлерге қол қойылды.
ӨзА