Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына арнап, елимиздеги жаңаланыўлар, заманласларымыздың жарқын тулғалары сәўлелендирилген поэзиялық, прозалық, балалар әдебияты, көркем-публицистикалық бағдарлардағы ең жақсы шығармалар ушын Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен «Ўатан ушын жасайық!» VIII Республикалық таңлаўы жәрияланған еди.

Ең уллы, ең әзиз байрамымыз қарсаңында таңлаў жеңимпазлары анықланды.

Қуўанышлы тәрепи, таңлаўда белгили шайыр Сағынбай Ибрагимовтың қарақалпақ тилиндеги «Таңламалы шығармалар» поэзиялық топламы 3-орын жеңимпазы деп табылды.

Елимиз ғәрезсизлиги байрамы мүнәсибети менен өткерилген таңлаўда қолға киргизген табыслары менен шайыр Сағынбай Ибрагимовты қутлықлаймыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.