Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық шөлкемлердиң басшылары ҳәм жәмийетлик ғайраткерлеринен мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллығы мүнәсибети менен қутлықлаўлар келмекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Уллы мәртебели мырза!
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға ҳәм пүткил Өзбекстан халқына қызғын қутлықлаўларым ҳәм сәлемлеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.
Ҳиндстан ҳәм Өзбекстан арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары жыл сайын беккемленип бармақта. Сиз, Уллы мәртебели мырзаның быйыл январь айында Гужарат штатына ҳәм оннан алдын Ҳиндстанға әмелге асырған сапарларыңыз еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўын жаңа басқышқа көтерди. Исенимим кәмил, стратегиялық қатнасықларымыз жақын жылларда және де раўажланады ҳәм буннан да кең көлемге ийе болады.
Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық, абаданлық, дос Өзбекстан халқына тынышлық ҳәм турақлы раўажланыў тилеймен.
Уллы Мәртебели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.
Нарендра МОДИ,
Ҳиндстан Республикасының Бас министри
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Уллы мәртебели мырза!
Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен Сизге қызғын қутлықлаўларымды жоллаў маған үлкен қуўаныш бағышлайды.
Пәкистан ҳәм Өзбекстанды улыўма дин, беккем тарийхый ҳәм мәдений бир мақсетке тийкарланған жақсы ҳәм исенимли қатнасықлар байланыстырып турады. Пәкистан өз-ара пайдалы тараўларда байланысларымызды буннан былай да кеңейтиўден мәпдар. Исенимли етип айта аламан, бирге ислесиўимиз келешекте де халықларымыздың мәплери жолында беккемленип бара береди.
Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, дос Өзбекстан халқына тынышлық ҳәм турақлы абаданлық тилеймен.
Уллы мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.
Ориф АЛВИЙ,
Пәкистан Ислам Республикасы Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Уллы мәртебели мырза!
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен Пәкистан Ҳүкимети, халқы ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди, Уллы мәртебели мырза, Өзбекстан Ҳүкимети ҳәм халқын қызғын қутлықлаў маған үлкен қуўаныш бағышлайды.
Турақлы мәдений ҳәм тарийхый тамырға ийе еки тәреплеме қатнасықларымыз өткен жыллар даўамында беккем дослық байланысларына айланды. Пәкистан усы дослық руўхындағы бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиўден мәпдар. Бизлер, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң басшылары арасындағы өз-ара исеним ҳәм пикирлесликти жоқары қәдирлеймиз.
Бирге ислесиўимизди жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде Сиз, Уллы мәртебели мырзаны өзиңиз ушын қолайлы ўақытта Пәкистанда қутлықлаўдан үмитим үлкен.
Ўақыттан пайдаланып, Сиз, Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық ҳәм аманлық, дос Өзбекстан халқына турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймен.
Уллы мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.
Имрон ХОН,
Пәкистан Ислам Республикасының Бас министри
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Уллы мәртебели мырза!
Сиз, Уллы мәртебели мырзаны, Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм халқын мәмлекетиңиз Ғәрезсизлиги күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман.
Еки мәмлекет арасындағы дослық руўхындағы байланыслар барған сайын раўажланып, тереңлесип бармақта. Исенимим кәмил, бул процесс ҳәр еки тәрептиң мәплерин тәмийинлеў ҳәм регионаллық қәўипсизлик және турақлылықты беккемлеў жолында даўам еттириледи.
Пурсаттан пайдаланып, Алла Тааладан Сиз, Уллы мәртебели мырзаға тыныш өмир, дос Өзбекстан Республикасының халқы ҳәм Ҳүкиметине бахыт-ығбал ҳәм раўажланыў тилеп қаламан.
Ҳасан РУҲОНИЙ,
Иран Ислам Республикасының Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Сизди ҳәм тымсалыңызда пүткил Өзбекстан халқын өзимниң атымнан ҳәм Әзербайжан халқы атынан миллий байрам – Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлайман.
Дос Өзбекстанның жәмийетлик-сиясий турмысында жүз берип атырған әҳмийетли өзгерислер, мәмлекеттиң халықаралық абырайы барған сайын артып атырғаны бизлерге қуўаныш бағышлайды.
Әзербайжан – Өзбекстан мәмлекетлераралық қатнасықлары ҳәм стратегиялық шериклиги және де беккемленип, өз-ара исеним ҳәм қоллап-қуўатлаўға тийкарланған бирге ислесиўимиз еки ҳәм көп тәреплеме тәризде раўажланыўы халықларымыздың абаданлығына буннан былай да хызмет етеди.
Ҳүрметли Шавкат Миромонович, усындай тарийхый күнде Сизге беккем денсаўлық, жумысларыңызға табыслар, дос Өзбекстан халқына турақлы тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Илҳом АЛИЕВ,
Әзербайжан Республикасының Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Беларусь халқы ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди миллий байрам – Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлайман.
Дос Өзбестанның социаллық-экономикалық раўажланыўындағы үлкен табыслары, мәмлекеттиң жәҳәндеги орны турақлы түрде артып атырғанынан Беларусь халқы оғада қуўанышлы.
Буларусь пенен Өзбекстан арасындағы өз-ара түсиник ҳәм қоллап-қуўатлаў дәстүрлерине тийкарланған қатнасықлардың бүгинги дәрежесин жоқары баҳалап, мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклиги буннан былай да беккемленетуғынына исеним билдиремен.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 31-июль – 1-август күнлери Беларусь Республикасына әмелге асырған тарийхый сапары мәмлекетлеримиздиң аймақлары арасындағы байланысларды кеңейтиў, ҳәр қыйлы тараўларда қоспа жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў ушын күшли түртки болғанына исенимим кәмил.
Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, шын жүректен беккем денсаўлық, таўсылмас күш-ғайрат, өз алдыңызға қойған барлық мақсетлердиң әмелге асыўын, дос өзбек халқына абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Александр ЛУКАШЕНКО,
Беларусь Республикасының Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Мырза Президент!
Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.
Менде терең тәсир қалдырған Өзбекстанға сапарымды, Сиз бенен исеним руўхында толық пикир алмасқанымызды үлкен қанаатланыўшылық пенен еслеймен.
Усы сапар етиў Сизиң усы жылдың басында Германияға әмелге асырған сапарыңыз сыяқлы өз-ара қатнасықларымызды табыслы раўажландырыў ушын жақсы тийкар жаратыўға үлес қосты.
Германия Сизди исенимли реформалар сиясатыңызды даўам еттириўиңизде буннан былай да қоллап-қуўатлайды.
Сизге бахыт-ығбал, Өзбекстан халқына еркинлик, қәўипсизлик ҳәм турақлы абаданлық шараятында тыныш келешек тилеймен.
Франк Вальтер ШТАЙНМАЙЕР,
Германия Федеративлик Республикасының Федераллық Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Мырза Президент!
Өзбекстан Республикасының миллий байрамы мүнәсибети менен өзимниң атымнан ҳәм Франция халқы атынан Сизди қызғын қутлықлаўдан ҳәм Өзбекстан халқына бахыт-ығбал ҳәм раўажланыў тилеўден қуўанышлыман.
Мәмлекетлеримиз бир-бирине жақынласып атырғанын қоллап-қуўатлайман. Бул Сизиң 2018-жыл октябрь айында елимизге еткен рәсмий сапарыңыз ҳәм быйыл апрель айында Францияның Европа ҳәм сыртқы ислер министри жанындағы Мәмлекетлик хаткери Жан-Батист Лемуаның Ташкент ҳәм Самарқандқа еткен сапарында өзиниң айқын көринисин тапты.
Бул сапар етиўлер еки мәмлекеттиң сиясий тараўындағы сөйлесиўди жеделлестириўден мәпдар екенин тастыйықламақта. Быйыл Париж қаласында өткерилиўи режелестирилген еки тәреплеме сиясий мәсләҳәтлесиўлер бул бағдарда гезектеги қәдем болады.
Экономика, туризм инфраструктурасы, авиация ҳәм турақлы раўажланыў бирге ислесиўимиздиң тийкарғы бағдарлары болып есапланады. Франция ҳәм Өзбекстан арасындағы саўда байланыслары Сизиң мәмлекетимизге рәсмий сапарыңыз даўамында ерисилген келисимлерге муўапық және де беккемленеди деп үмит етемен.
Сизиң регионаллық қәўипсизликти беккемлеў ҳәм Аўғанстандағы жағдайды шешиў бағдарындағы ис-ҳәрекетлериңизди қоллап-қуўатлайман. Франция Сизиң усы бағдардағы умтылысыңызды қоллап-қуўатлайды.
Мырза Президент, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.
Эмануэль МАКРОН,
Франция Республикасының Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Мырза Президент!
Өзбекстанның мәмлекетлик ғәрезсизлиги жәрияланған байрамы мүнәсибети менен Сизге қызғын қутлықлаўлар, дос Өзбекстан халқына жақсы тилеклер билдириўге рухсат еткейсиз.
Италияға болажақ сапарыңыз халықларымыздың дослығын беккемлеў ҳәм Ташкент және Рим арасындағы сиясий, экономикалық ҳәм мәдений байланысларды буннан былай да раўажландырыў ушын жаңа шараятлар жаратады.
Усындай үмитлер ҳәм Квиринал сарайында Сиз бенен ушырасыў нийети менен Сизге беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, мәмлекетиңизге раўажланыў тилеймен.
Сержо МАТАРЕЛЛА,
Италия Республикасының Президенти
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте