Ташкент қалалық ИИББ «тонировка» бойынша айырым әҳмийетли жаңалықларды мәлим етти, деп жазады Xabar.uz.
4-сентябрьден баслап банклерде «тонировка»ға рухсат алыў ушын арза бериў тоқтатылады.
Мағлыўмат ушын, транспорт басқарыўшыларына қолайлық жаратыў мақсетинде 39 райондағы банк филиалларында автомобильлердиң айналарын қарайтыў ушын рухсат алыў имканияты жаратылған еди. Бул жағдай тонировка баҳасының түсирилгенинен кейин узыннан-узын нәўбетлер жүзеге келиўиниң алдын алды.
Буннан былай қосымша шақапшаларға мүтәжлик қалмаған. 4-сентябрьден баслап рухсатнама алыў ушын тек ғана ИИББның бөлимлерине мүрәжат етиўи мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.