Самарқанд қаласында Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың естелигине бағышланған илаж болып өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 25-январьдағы «Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық ҳәр жылы 2-сентябрь Ислам Кәримовты еслеў күни сыпатында кеңнен белгиленбекте. Сол күни мәмлекетимизде Ислам Кәримовты еслеў, өмири ҳәм мийнет жолы бойынша үгит-нәсиятлаў илажларын өткериў дәстүрге айланған.

Быйыл да усы сәне мүнәсибети менен пүткил мәмлекетимиз бойлап еслеў илажлары өткерилди. Ислам Кәримов туўылып өскен ҳәм ҳәзирги ўақытта жерленген жер – Самарқандта ерте таңнан еслеў илажлары басланды.

photo_2019-09-02_10-57-28.jpg

Ўәлаят ҳәкимлиги, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, кең жәмийетшиликтиң ўәкиллери ең дәслеп Самарқанд қаласындағы Ислам Кәримовтың мақбара комплексин зыяратлады. Қуран оқылды.

Ислам Кәримовтың мәмлекетимиздиң ғәрезсизликке ерисиўи ҳәм раўажланыўы жолындағы хызметлери еске алынды. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Биринши Президентимиздиң естелигин мәңгилестириў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Ташкент, Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларында Ислам Кәримовтың естелиги орнатылды. Елимиздеги бир қатар ири объектлерге, көшелерге уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткердиң аты берилди.

photo_2019-09-02_10-57-36.jpg

Ўәлаяттың жәмийетшилик ўәкиллери Ислам Кәримовтың мақбара комплексинен шыққаннан соң, Регистан майданы жақынында орнатылған ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшының естелигине гүллер қойды.

– Ислам Кәримов ғәрезсиз Өзбекстан Республикасының тийкарын салыўшысы, аўыр ўақытларда мәмлекетте қәўипсизликти тәмийинлеп, оның раўажланыўы ушын беккем тырнақ қойған тулға сыпатында елимиздиң тарийхында айрықша орын ийелейди, – дейди Самарқанд экономика ҳәм сервис институтының профессоры М.Пардаев. – Бул уллы инсан халқымыздың кеўлинен терең орын алды. Соның ушын ўатанласларымыз ҳүрмет-иззет пенен еске алмақта. Бүгин Самарқандтағы Ислам Кәримовтың мақбара-комплекси ҳәм естелиги орнатылған майдан ҳәр қашанғыдан да адамлар менен толы болғанлығы пикиримизди тстыйықлайды.

Илажда Самарқанд ўәлаятының ҳәкими Э.Турдимов сөзге шықты.

photo_2019-09-02_10-57-41.jpg

photo_2019-09-02_10-57-42.jpg

photo_2019-09-02_10-57-44.jpg

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршысы