Президентимиздиң басламасы менен қайта шөлкемлестирилип атырған Бозатаў районы орайында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышланып «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» атамасындағы театрластырылған әдебий музыкалы-хореографиялық байрам салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы, сондай-ақ районның қайта шөлкемлестирилиўи менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде социаллық-экономикалық, мәдений- руўхыйлық бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң атап өткениндей, адамларымыз алып барылып атырған реформалардың нәтийжесин келешекте емес, ал бүгинги турмысынан сезиниўи тийис.

Елимиз басшысының республикамызға ҳәр бир сапары даўамында берген көрсетпелери менен ўазыйпалары тийкарында кең көлемли реформалар әмелге асырылып, халқымызды қыйнап киятырған машқалалар өз шешимин таппақта. Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районларында, ең шетки аўылларымызда алып барылып атырған қурылыс және абаданластырыў жумыслары буның айқын мысалы болып табылады.

Президентимиздиң усы жылдың 20-21-август күнлери  республикамызға болған сапары, сондай-ақ Нөкис қаласында белсендилер менен өткерген ушырасыўы республикамыз тарийхындағы умытылмас ўақыялардың бири болды. Районларды белгили бир тараўға қәнигелестириў, соның ишинде, шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў бойынша усынысы гүллен халқымыз тәрепинен айрықша қуўаныш пенен күтип алынды.

Бүгинги күни районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, аймақ турғынларының жасаў шараятларын жақсылаў, шарўашылықты және исбилерменликти раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығылмақта.

Соны айрықша атап өтиў керек, ең уллы, ең әзиз байрамымыз алдынан бир қатар заманласларымыз орден ҳәм медальлар, мәмлекетлик атақлар алыўға миясар болды. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовқа елимиздиң ең жоқары сыйлығы-Өзбекстан Қаҳарманы атағының берилиўи Президентимиздиң халқымызға болған жоқары ҳүрмет ҳәм ғамқорлығының айқын көриниси болды.

Байрам тамашасы алдынан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылары тәрепинен Ўатан, туўылған жер, ғәрезсизлик ҳаққындағы қосықлар менен аяқ ойынлар атқарылды. Өзбекстан халық артисти М.Сапаева, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығының ийеси Мақсет Өтемуратов, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист А.Надирова, Қарақалпақстан Республикасы халық артисти  Г.Мунтеева, Қарақалпақстан Республикасы хызмет көрсеткен артист  Р.Сейтжановлардың атқарыўындағы йошлы қосықларды жыйналған халық узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен күтип алды. Нөкис қаласындағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби «Айқулақ» ансамбли ағзаларының, Бозатаў районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тәрбияланыўшыларының, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги оператив ўазыйпаларды орынлаў көшпели отряды хызметкерлериниң көргизбели шығыўлары ташамагөйлерде айрықша тәсир қалдырды.

-Орынларда, алыс район ҳәм аўылларда болып, жаңадан-жаңа экономикалық-социаллық жойбарларды енгизиўге, адамлар не менен жасап атыр, олардың аўҳалы, кейпияты қандай екенин жақыннан билиўге, оларды қыйнап атырған машқалаларды шешиў ушын жәрдем бериўге умтыламан,-деген еди Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде.-Бул болса адамларымыздың кеўлинде келешекке исеним оятып, оларды жаңа, үлкен шеклерге қарай руўхландырмақта.

Бозатаў елатында  болып өткен байрам салтанатына келген халықтың, соның ишинде, ҳаял-қызлардың менен жаслардың кейпиятын, олардың көзлериндеги ертеңги күнге болған исенимди, елимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалардан разылығын көрип, усындай тыныш-татыў, бахытлы елде жасап атырғаныңнан мақтаныш сезимлери артады. Бозатаў аспанын безеген рәңбәрең салютлар буның және бир тастыйығы болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.