«Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышланған байрам салтанаты болып өтти
Ғәрезсизлик – халқымыз ерискен ең жоқары, ең уллы жемис. Ата-бабаларымыз азатлық жолында не-не аўыр сынақларды, машақатларды басып өткен, жан алып жан берген.
1991-жыл 1-сентябрьде Ўатанымыздың өз ғәрезсизлигин қолға киргизгени халқымыз ушын үлкен ўақыя болды. Ғәрезсизлик себепли биз азат халық, ғәрезсиз мәмлекет сыпатында Өзбекстанның бар қәддин пүткил дүньяға көрсетпектемиз. Халқымыздың пидәкерлик мийнети, жасларымыздың ғайраты, күш-жигери себепли Өзбекстанымыздың абырайы дүнья жүзине таралмақта. Бир сөз бенен айтқанда, ғәрезсизлик абат ҳәм жарқын келешегимизди өз қолымыз бенен қурыў ушын мисли көрилмеген имканиятлар есигин ашты – неге ерискен болсақ ҳәммеси ғәрезсизликтиң шарапаты.
Бүгин халқымыз Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанның жаңа тарийхын жаратпақта. Ҳәр тараўда, ҳәр бир аймақта алып барылып атырған өзгерислер мәмлекетимиздиң халықаралық сиясий абырайын арттырып, экономикасын раўажландырмақта, халқымыздың ертеңги күнге исенимин беккемлемекте.
Ҳәр жылы Ғәрезсизлик байрамы раўажланыў жолымыздың жаңа басқышына үнлес жаңадан-жаңа шеклер менен белгиленбекте. Быйылғы шеклердиң көлеми және де кең. Президентимиздиң қарарына муўапық Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамына қызғын таярлық көрилди. Қутлы сәнеге бағышлап өткерилген илажлар «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» деген баслы идеяны өзинде жәмлегени ҳәр бир ўатанласымызды жақсылыққа руўхландырды. Барлық қала ҳәм районларда, аўылларда ең уллы, ең әзиз бул байрамды мүнәсип белгилеўге айрықша итибар қаратылды.
31-август. «Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайы. Парламент ҳәм ҳүкимет ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, түрли тараўларда жумыс алып барып атырған ўатанласларымыз, дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлер ўәкилханаларының басшылары Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышлап өткерилетуғын байрам салтанатына жыйналған.
Сарайға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев кирип келди. Мәмлекетимиз басшысы минберге мирәт етилди. Президентимиз халқымызды Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлап, жақсы нийетлерин билдирди.
Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни жаңлады. Жыйналғанлар қолларын көксине қойып ғәрезсизлик қосығын биргеликте айтты. Нама фонында қайталанбас Ўатанымыздың сулыўлығы, ғәрезсизлик тарийхы көринислерде сәўлеленди.
Ғәрезсиз Өзбекстанымыз және бир жасқа толды. Усы байрамды ҳәр жылы үлкен қуўаныш пенен күтип аламыз. Мәмлекетимиздиң сиясий ҳәм экономикалық модернизация жолында үлкен табысларға ерисип атырғаны, заманагөй мәмлекетке айланғаны, халықшыл реформалар адамларда ертеңги келешекке исенимин беккемлеп атырғаны, ерискен нәтийжелеримиз дүнья жәмийетшилиги тәрепинен үлги сыпатында кеңнен тән алынып атырғаны қуўанышымызды бир неше мәрте арттырды.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарындағы «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» идеясына муўапық түрде барлық тараўлар жаңаланбақта. деп айрықша атап өтиўимиз керек.
Кейинги жылларда мәмлекетимизде сиясий, экономикалық-социаллық тараўларды реформалаў, нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарындағы өзгерислер процесинде пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў, ҳәр бир инсан өз арзыў умтылысларын жүзеге шығарыў ушын зәрүрли шараятларды жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы алдында президент тәрепинен қол қойылған «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен бир топар шахсларға кеширим бериў ҳаққында»ғы пәрманы мәмлекетимиз жүргизип атырған гуманистлик сиясаттың әмелий тастыйығы болды. Пәрманға муўапық ислеген жынаят ушын жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болып, дүзелиў жолына өткен пуқараларға кеширим берилди. Бул байрам күнлеринде көплеген шаңарақларға қуўаныш алып келди.
Мәмлекетимизде 2019-жыл жедел Инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы деп жәрияланды. Усы жылы барлық дәреклер есабынан дерлик 138 триллион сумлық ямаса 2018-жылға салыстырғанда 16 процентке көп инвестицияларды өзлестириў бойынша шеклер қойылған. Өйткени, инвестициялар экономиканың турақлылығын арттырады, жаңа қуўатлықларды иске түсириў есабынан жетекши тараўларды раўажландырыўды тәмийинлейди.
Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске Мүрәжатында усы жылдағы ўазыйпалардың тийкарғы бағдарларына тоқтап, жедел инвестиция сиясатының избе-из даўам еттирилетуғынын атап өтти. Өйткени, инвестицияларды көбирек тартыў реал дәраматларды арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспорттың көлемин өсириў, соңғы нәтийжеде социаллық машқалаларды шешиўге кең жол ашады.
Көрилип атырған әне усындай системалы илажлардың нәтийжесине бола усы жылдың биринши ярымында жалпы ишки өним 5,8 процентке өсти. Дерлик 86 триллион сум, яғный өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,6 есеге көп инвестициялар өзлестирилди. Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте инвестицияның жалпы ишки өнимдеги үлеси 38 проценттен артты.
Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери дүньядағы жетекши халықаралық рейтинг агентликлери тәрепинен тән алынбақта. Атап айтқанда,«Fitch Ratings» 81м «Standart & Poor’s» агентликлери биринши мәрте мәмлекетимиздиң халықаралық суверен кредит рейтингин белгиледи. «Турақлы» прогнозына ийе болған рейтингтиң баҳалары Өзбекстан ийелеген орын көпшилик раўажланып атырған мәмлекетлерге салыстырғанда жоқары екенлигин көрсетеди.
Халқымыздың турмыс сапасын арттырыў, аўылларды абаданластырыў избе-из даўам етпекте. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары ең шетки аймақларға да жаңаланыў нәпесин, дөретиўшилик руўхын алып кирди. Адамларда және де жақсы жасаўға қызығыўшылық, аўылларда турмыс мәденияты артты.
Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес тийкарғы баслама олардың мәплерин тәмийинлеўге хызмет етпекте. Ҳәр бир районда ҳаял-қызлар ушын жумыс орынлары шөлкемлестирилмекте, жаслардың талантын жүзеге шығарыў ҳәм физикалық жақтан шыңығыўына шараят, мәнаўиятты байытыўға имканият жаратылмақта.
Булар – ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың турмысынан разылығы артып атырғанын байрам тамашасында түрли тиллерде жаңлаған қосықлар, миллий-этнографиялық топарлардың шығыўларында да айқын сәўлесин тапты.
Өзбекстанның ашық-айдынлық, өз-ара тең ҳәм пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған сыртқы сиясаты бирге ислесиўшилеримиздиң қатарын кеңейтпекте. Раўажланған мәмлекетлер, дүньяға данқы кеткен банк ҳәм компаниялар бизлер менен бирге ислесиўге умтылмақта. Өзбекстанның сыртқы сиясатындағы жаңаша қатнаслар Орайлық Азияда сиясий жағдайды жақсылады.
Ең әҳмийетлиси, ғәрезсизлик себепли қолға киргизилген бундай жетискенлик ҳәм нәтийжелердиң мазмун-мәниси ҳәр бир ўатанласымыздың қәлби ҳәм санасына жетип бармақта, олардың руўхы менен кейпиятын көтермекте, жаңа, және де жоқары шеклерге илхамландырмақта. Ғәрезсизликтиң халқымыз, мәмлекетимиз турмысында тутқан шексиз орнын, ҳәр биримиз ушын қаншелли қәдирли екенин және бир мәрте көрсетпекте, ең уллы, ең әзиз байрамымызға және де терең мазмун бағышламақта.
Ғәрезсизлик жылларында бай тарийхымыз ҳәм мәдений мийрасымыз, динимиз, ески үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз қайта тикленгени, конфессиялараралық ҳәм миллетлераралық татыўлық, өз-ара меҳир-мүриўбет, кеңпейиллик, аўызбиршилик сыяқлы жақсы пазыйлетлер миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар менен үнлесип, турмысымыздың қағыйдасына айланып атырғаны ҳәр биримизге шексиз мақтаныш бағышлайды.
Байрам салтанатында ғәрезсизликти, азат ҳәм ана Ўатанды жырлайтуғын қосықлар жаңлады. Балалардың кеўилли шығыўлары ҳәммеге қуўаныш бағышлады. Әскерлеримиздиң мәрдана ҳаўазы кеўиллерге көшти. Жәҳән классикалық музыкасының үлгилери үлкен заўық бағышлады.
Айтылған қосықлар кеўиллерден кеўиллерге көшеди, алыс-алысларға таралады ҳәм жаңғырып еситиледи – ҳәр бир ўәлаят, район, қала, аўыл ғәрезсизликти белгилейди. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында қуўанышлы байрам салтанатлары, халық сейиллери даўам етпекте.
Матназар ЭЛМУРАДОВ,
ӨзАның хабаршысы