«Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында 31-август күни мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллығына бағышланған байрам салтанаты болып өтти,-деп хабар береди Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хызмети.

Өзбекстан республикасы Президенти илаж қатнасыўшылары, көп миллетли халқымызды Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлады.

Буннан жигирма сегиз жыл бурын, 1991-жылы әйне усы күнде Биринши Президентимиз Ислам Кәримов Өзбекстанды ғәрезсиз мәмлекет деп жәриялаған еди. Бул сәне еркин ҳәм абадан турмыс қурыў жолындағы барлық умтылыслар ҳәм табысларға тийкар болды, халқымыз ушын ең уллы, ең әзиз әййямға айланды. Өткен дәўирде ел-халқымыз машақатлы ҳәм сынаўлы күнлерди басынан өткерди мәмлекетимиз өзгерди, раўажланды.

-Бүгин бир ҳақыйқатты үлкен мақтаныш ҳәм қуўаныш пенен айтыўға толық тийкарымыз бар: мәрт ҳәм жигерли халқымыз қаншелли қыйын ҳәм аўыр сынақларға дус келмесин, өзиниң беккем ерк-ықрарын көрсетип, өзи таңлап алған ғәрезсизлик жолына бәрқулла садық болып келмекте. Бүгин Өзбекстан өз раўажланыўының жаңа басқышына исенимли қәдем қоймақта,-деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген тийкарғы бағдарлар негизинде Өзбекстан миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай исенимли илгерилеп бармақта. Демократиялық реформалар себепли мәмлекетимиз дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеп, белсенди сыртқы сиясат алып бармақта.

-Биз бүгин қандай реформаларды, қандай өзгерислерди, қандай жаңа жойбарларды әмелге асырып атырған болсақ, олардың барлығы бирден-бир, уллы бир мақсетке қаратылған. Ол да болса, мине усы мийнеткеш, пидайы, уллы халқымызды разы етиў, турмыстың барлық сынақларын жигерлилик пенен жеңип жасап атырған ўатанласларымыздың исенимин ақлаў, аўырын жеңил етиўден ибарат,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы суд-ҳуқық системасын жетилистириў, ҳақыйқый базар экономикасына өтиў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, санаат ҳәм аўыл хожалығын модернизациялаў бағдарындағы жумыслардың мәниси ҳәм нәтийжелерине тоқтады. Социаллық раўажланыў бойынша өзине тән система қәлиплескени, аймақларды аббат етиў, халықтың турмыс сапасын арттырыў, жас әўладты бәркамал етип тәрбиялаўға үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

-Бүгин бир пикирди исеним менен атап өтиўди зәрүр деп билемен: Өзбекстандағы демократиялық процесслер енди артқа қайтпайтуғын, турақлы түс алды,-деди Шавкат Мирзиёев.-Биз мине усы жақты күнлер ушын гүресип, жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың ҳақы-ҳүрмети, 33 миллионлық халқымыздың ҳақы-ҳүрмети, бизге үмит ҳәм исеним көзи менен қарап турған бабаларымыз, ақлықларымыздың ҳақы-ҳүрмети-ғәрезсизлик ҳәм еркинлик жолынан ҳеш қашан қайтпаймыз! Өз мақсетлеримизге әлбетте жетемиз- келешеги уллы Өзбекстанды бәршемиз биргеликте қурамыз!

Байрам илажы көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы менен даўам етти.

ӨзА