Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң пәрманларына муўапық, Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер, мәмлекетлик хызметкерлер және өндирислик ҳәм социаллық-экономикалық тараўлар хызметкерлериниң бир топары ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде 2019-жыл 30-август күни сыйлықларды өз ийелерине тапсырыў мәресими болып өтти.
Ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов тәрепинен тапсырылды.
Мийнет ветераны, «Меҳнат шухрати» ордениниң ийеси К.Жалилова, Өзбек Миллий академиялық драма театрының актёры, «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси Г.Ибрагимбекова, ғалабалық байрам илажларының режиссёры, «Дўстлик» ордениниң ийеси Р.Шамсутдинов, Өзбекстан Көзи әззилер жәмийетиниң орайлық басқармасы баслығы, «Шуҳрат» медалының ийеси Э.Нарпулатов, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ботаника институты жанындағы Ташкент ботаника бағының қәнигеси, «Дослық» ордениниң ийеси А.Халмурзаева, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы басқарыў социологиясы ҳәм психологиясы кафедрасының баслығы, «Дўстлик» ордениниң ийеси М.Бекмурадов, «AKFA Engineering and Management» жуўапкершилиги шекленген жәмийети директорының орынбасары, «Дўстлик» ордениниң ийеси К.Гуламов ҳәм басқалар азы-кем мийнетлерин жоқары баҳалап, мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықларына ылайық көргени ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.
ӨзА