USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЎАТАНЫМЫЗДЫҢ ЖОҚАРЫ СЫЙЛЫҚЛАРЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң пәрманларына муўапық, ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы алдында бир топар жерлеслеримиз ҳәм мәмлекетимиз бенен нәтийжели бирге ислесип киятырған сырт еллилер ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.

Көксарай резиденциясында 31-август күни әне усы жоқары сыйлықларды салтанатлы тапсырыў мәресими болды.

Шавкат Мирзиёев жыйналғанларды, олардың тымсалында орынларда мәмлекетлик сыйлықларды қабыл етип атырған барлық ўатанласларымызды қутлықлады.

Бүгин барлық тараўларда өзгерислер жүз бермекте. Өзбекстанның экономикалық қүдиретин арттырыў, аймақларды комплексли раўажландырыў, аўыл ҳәм мәҳәллелерди абат етиў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Экономика, адамлар турмысында үлкен өзгерислер, реформалар әмелге асырылып атырғаны ҳәм олардың дәслепки нәтийжелери көзге тасланып атырғаны атап өтилди.

-Халық пенен ҳеш қашан бундай қарым-қатнас болмаған. Адамларды тыңлап, олардың машқалаларына қулақ түрсек, келешекте ислейтуғын жумысларымыздың режеси дурыс болады. Ең тийкарғысы, халқымыздың исеними бизге күш береди,-деди Президент.

Өзбекстанның халықшыл, инсаныйлық сиясатын дүнья жәмийетшилиги тән алмақта. Сыртқы ҳәм ишки сиясат кең көлемли сөйлесиўлер ҳәм қатнасықлар тийкарында, үйлесимли ҳалда алып барылмақта.

-Биз ушын бирден-бир дурыс жол, бирден-бир мақсет миллетимиз, халқымыз, жанажан Өзбекстанымыздың мәпин жоқары қойыў болып табылады. Бул ушын бәрқулла жетип өлшеп, бир мәрте кесетуғын сиясат алып барыўымыз керек. Алдымызда қыйын ўазыйпалар тур. Халқымызға, сизлер сыяқлы мәрт ҳәм ғайратлы ўатанласларымызға исенип, үлкен шекти гөзледик,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев мәресимге жыйналғанларды атпа-ат тилге алып, мәмлекетлик сыйлықлар менен қутлықлады. Оларды Ўатанымыздың нағыз перзентлери, ҳүжданы пәк, кеўли ояў адамлар деп атады. Нәтийжели жумысы, ҳадал ҳәм пидәкерли мийнети, жасларға ибрат болып атырғаны ушын оларға миннетдаршылық билдирип, жақсы тилеклерин билдирди.

Президентимиз сыйлықланған ўатанласларымыз ҳәм сырт елли дипломатларға сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырды.

-Усындай жоқары сыйлыққа мүнәсип көргени ушын Президентимизден миннетдарман,-деди Өзбекстан Қаҳарманы, «Нураный» қоры Самарқанд ўәлаяты кеңесиниң баслығы Ҳасан Нормуродов.-Ўазыйпа, мәртебе инсанға өзин жоқары тутып, менменликке берилиўи ушын емес, керисинше, жақсы ислери менен басқалардың қәлбинде жақсылық гүллерин жаратыў ушын берилген. Қайсы бир басшы усы қағыйдаға әмел етип жумыс ислесе, бәрқулла халықтың нәзеринде болады. Буннан кейин де қолымнан келгенинше мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға өз үлесимди қосыўға ҳәрекет етемен.

Сыйлықланғанлар жоқары итибары ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

З.ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршысы