Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-август күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.
Жаңа ири санаат имаратлары, түпкиликли экономикалық ҳәм социаллық реформалар Өзбекстанның абырайын арттырмақта. Атап айтқанда, кейинги жылларда жаңадан-жаңа имаратлар, кәрханалар, медициналық ҳәм билимлендириў мәкемелери, спорт комплекслери, тегис жоллар, көпирлер, мәҳәлле гүзарлары, парклер, бағлар, дем алыў орынлары қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы байрамы алдынан да бир нешше усындай имаратлар, мәдений-турмыслық мәкемелер иске түсирилди.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ташкент мәмлекетлик миллий аяқ ойын ҳәм хореография жоқары мектебиниң реконструкцияланған жаңа имаратын барып көрди.
Соны да атап өтиў керек, жоқары мектеп аяқ ойын көркем өнери бойынша қәнигелерди таярлаў бағдарында елимиздеги жетекши жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланады.
Жоқары мектеп қурамында қәнигелестирилген мектеп-интернат, хореография колледжи жумыс алып барады. Жоқары мектеп питкериўшилерине бакалавр ҳәм магистр дәрежесиндеги қәнигелик дипломлары бериледи. Хореография топарларының басшылары, хореограф-педагог, хореограф-сәнияттаныўшы қәнигелер таярланады.
Бүгинги күнде бул билим дәргайын питкерген жүзлеген қәнигелер елимиздеги дөретиўшилик бирлеспелери концерт шөлкемлери, театр жәмәәтлери, профессионал ансамбльлер, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде нәтийжели жумыс алып бармақта.
Жоқары мектеп пенен АҚШ, Германия, Франция, Италия, Қубла Корея, Қытай, Россия, Қазақстан ҳәм басқа да мәмлекетлердиң хореография орайлары арасында кеңнен бирге ислесиў жолға қойылған. Бул жерде билим алып атырған жаслар көплеген сырт мәмлекетлерде өткерилип атырған абырайлы халықаралық таңлаўлар, фестивальларда табыслы қатнасып келмекте.
Бул мәкеме узақ жыллар даўамында ески имаратта жумыс алып барды.
Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 3-февральдағы тийисли қарарына тийкарланып, Ташкент мәмлекетлик аяқ ойын ҳәм хореография жоқары мектебине өз алдына имарат ажыратылып, заманагөй түрде реконструкцияланды. Бул жумысларға 15 миллиард сумнан артық қаржы жумсалды.
Үлкен балет залы, 2 мәжилислер залы, 16 хореография ҳәм балет залы, 7 музыка, 8 аудитория, 2 компьютер технологиясы ханасы, мәлимлеме ресурс орайы, китапханада студентлер ушын барлық шараят жаратылған. Буннан тысқары 300 орынлық жатақхана, 100 орынлық асхана жумыс алып бармақта.
– Сырт мәмлекетлерде усындай көркем өнер орынларын көргенимде бизлер де усындай жерлерде сабақ өтер екенбиз бе, деп әрман етер едим, – дейди устаз Елена Нодирова. – Бүгин әрманымызға жеттик. Оннан, әсиресе, студентлер оғада қуўанышлы. Себеби, сабақлар өтетуғын ески залымыз талапқа жуўап бермей атырған еди. Нәтийжеде жарақат алыў жағдайлары ушырасып турар еди. Ҳәзирги залымыз кең ҳәм жақты. Ең заманагөй үскенелер менен үскенеленген. Бизлерге усындай шараят жаратып берилгенинен миннетдармыз.
Шавкат Мирзиёев бул жердеги шараят, орталық ҳәм жетискенликлерди мәмлекетимиздиң басқа да жерлерине енгизиў, аймақларда мектеп филиалларын ашыў, «устаз-шәкирт» дәстүрин беккемлеў зәрүрлигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы билим дәргайының оқытыўшы ҳәм устазлары менен сәўбетлести. Миллий көркем өнеримизге итибар, бул тараўда билимлендириў орнын қурыў ҳәм устазлардың мийнетин хошаметлеў жумысларын избе-из даўам еттириў кереклиги атап өтилди. «Баҳор» аяқ ойын ансамбли қайта тикленип атырғаны тараў ўәкиллерине үлкен қуўаныш бағышлады.
Жоқары мектеп дөретиўшилери ушын дем алыў орнын шөлкемлестириў ҳәм автобус ажыратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Ең уллы, ең әзиз байрамымыз алдынан Ташкентте және бир ири комплекс – «Наўрыз» бағы пайдаланыўға тапсырылды. Президент Шавкат Мирзиёев усы бағда жаратылған шараятлар менен танысты.
Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылған «Наўрыз» бағы Ташкенттиң Абдулла Қадирий, Лабзак, Нурафшон ҳам Шараф Рашидов көшелериниң кесилиспесинде қурылды.
«Наўрыз» бағы усы байрам белгиленетуғын бирде-бир мәмлекетте жоқ екенлигин атап өтиў керек. Сол ушын да Наўрыз қәдириятлары ҳәм мазмун мәнисин аңлап жетиўге қаратылған бағдың қурылыўы халқымыздың руўхый турмысындағы үлкен ўақыя болды.
Мәмлекетимиз басшысы февраль айында бул жерде болып, бағдың мазмун-мәнисин байытыў бойынша усыныслар берген еди. Усы тийкарда бой тиклеген дем алыў бағында халқымыздың мәденияты, миллий қәдириятлары терең өз көринисин тапқан. 2,5 гектар майданды ийелеген этнографиялық қалашада Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятлардың атлары менен аталатуғын көшелер және ески усылда турақ жайлар қурылып, ҳәр бир аймақтың өзине тән дәстүрлери, өнерментшилиги, турмыс тәризи сәўлеленген.
Бағқа келген адам астрономиялық мектеп, дийқаншылық мәденияты, ырысқы-несийбе беретуғын ана топырақты сүйиўге қаратылған қәдириятлар, мәңгиликти аңлатыўшы түсиниклер елимизде мың жыллар бурын пайда болғанын сезеди. Бул жердеги дем алыў орынларында жетилик белгилери, қурылмаларда космослық тымсаллар қолланылған, аймақ ландшафты адамның кеўлин тастырады.
Бағқа еки әлем – космос ҳәм жердиң бир-бирине байланыслылығын сәўлелендиретуғын символикалық формадағы дәрўазадан кириледи. Туўрыда фонтанлы Наўрыз амфитеатры жайласқан. Қаптал тәрепте мәңгилик тымсалы – диаметри 72 метрлик шығыр. Анхор каналы үстинен өтетуғын 88 метрли көпир дем алыўшыларға өзине тән сейил етиў имканиятын жаратады.
– Өзлигимизди аңлап жетиў көзқарасынан бул жердиң әҳмийети оғада үлкен. Бул жерде миллий қәдириятларымыз, тарийхымыз айқын көзге тасланады. Өз тарийхын терең билген халық мақтанышлы, қүдиретли болады, – деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысы этнографиялық қалашаны көзден өткерди. Ҳәр бир аймақтың өзине тән ески мәденияты, өнерментшилик, аспазлық дәстүрлери, фольклоры, этнографиясы бул жерге келиўшилер ушын мәдений дем алыў менен бирге, шексиз тарийхый дәрек болып хызмет ететуғыны атап өтилди. Илимпазлар, дөретиўшилер, мәҳәлле ақсақаллары менен сәўбетте бағ тек ғана Наўрыз күнлери емес ал, жыл даўамында адамлар менен толы болыўы, бул жерге келгенлер мәдений дем алыў менен бирге, руўхый азық та алыўы керек екенлиги атап өтилди.
– Наўрыз тек ғана дәстүр ямаса мәресим емес, ол халқымыздың тарийхы. Бул байрамның мазмун-мәнисинде өтмишимиз, бүгинимиз, келешегимиз жәмленген, – дейди ӨзРИА Әлийшер Наўайы атындағы мәмлекетлик Әдебият музейиниң директоры, «Дўстлик» ордениниң ийеси Жаббор Эшонқулов. – Президентимиз зыялылар менен ушырасыўда бул бағ халқымыздың өтмиши менен бирге ертеңги күнге умтысыларын да сәўлелендириўи зәрүрлигин атап өтти. Бул жерге келетуғын ўатанласларымыз ҳәм сырт елли туристлер бағда тарийхымызға тийисли затлар ҳәм үрп-әдетлер менен менен танысып, халқымыз қандай бай халық екенин билиўи зәрүр. «Наўрыз» бағы усы жағынан тарийхымыз ҳәм мәдениятымыздың айнасы болады.
Дем алыў орнында екинши басқышта жабық аквапарк, Наўрыз байрамы салтанатларын өткериўге мөлшерленген 3 мың орынлық амфитеатр еки автомобиль туратуғын орын қурылыўы мөлшерленген. Келеси жылдың Ғәрезсизлик байрамына пайдаланыўға тапсырылатуғын усы имаратлар «Наўрыз» бағын және де сулыў орынға айландырады.
Президентимиз Юнусабад районындағы Мырза Улығбек атындағы физика, математика, информатика ҳәм астрономия пәнлерине қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде жаратылған шараятлар менен танысты.
Бул мектеп мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 14-сентябьдеги «Мырза Улығбек атандағы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеп-интернатын «Астрономия ҳәм аэронавтика» бағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында қурылған.
2019-2020-оқыў жылында мектеп-интернаттың 7-, 9-, 10-классларына 128 оқыўшы арнаўлы таңлаў тийкарында қабыл етилди. Бул жерде оқыўшылардың заманагөй билим алыўы ушын барлық шараят жаратылған. Жатақхана, амфитеатр, спорт залы ҳәм майданшасы, асхана, сондай-ақ, робототехника, жас физик, математик, астрономлар және информатиклер дөгереклери оқыўшылардың ықтыярында.
Билимлендириўдиң сапасын арттырыў, сабақларды халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириў мақсетинде сырт елли педагоглар тартылған. Олар ушын мектеп ҳәўлисиниң өзинде арнаўлы мийманхана қурылған.
Мектеп-интернатта факультатив сабақ тийкарында аэрокосмослық технологиялар ханасы шөлкемлестирилген. Онда пәнлер бойынша лаборатория жумысларын виртуал тәризде, сабақлық ҳәм көркем әдебиятлардан пайдаланыўға мөлшерленген «VR BOX» «HOLOMAX», «QBOX» заманагөй үскенелер, электрон доска, Менделев периодикалық кестесиниң электрон формасы орнатылған, Мектеп имаратының жоқары бөлегинде жайласқан телескоп оқыўшылардың аспан денелерин үйрениўи ҳәм бақлаўы ушын жоқары әҳмийетке ийе.
Мәмлекетимиз басшысы мектептиң жаңа имаратында жаратылған шараятлар, оқыў ханаларын көзден өткерди. Оқыўшылар менен сәўбетлести.
– Бул мектепти Мырза Улығбек аты менен атағанымыз бийкарға емес. Буны мақтаныш етиўиңиз, уллы бабамызға мүнәсип болыўыңыз керек. Буның ушын оғада көп умтылыс, қунт, мийнет зәрүр. Ўатанымызға керекли қәнигелер болып житилисиўиңиз ушын барлық шараятты жаратып беремиз, -деди Шавкат Мирзиёев.
Сабақ ҳәм дем алыў ўақытларын ақылға уғрас бөлистириў, заманагөй методикаларды қолланып, балалардың пәнлерди жақсы өзлестириўине имканият жаратыў бойынша усыныслар берилди.
Шавкат Мирзиёев буннан кейин Tashkent Cityға келип конгресс-холл ҳәм бес жулдызлы мийманхана, аймақтағы абаданластырыў жумысларын көзден өткерди.
Конгресс-холл имараты еки қабаттан ибарат болып, оның орайында үлкен ҳәм киши залларға трансформация болатуғын 4 мың орынлық холл бар. Буннан тысқары, бир ўақыттың өзинде 8 делегацияны қабыл етиў имканиятына ийе қосымша заллар да бар.
21 қабатлы бес жулдызлы мийманхананың қурылысы да жедел даўам етпекте. «Hilton» бренди астында жумыс алып баратуғын бул отельде 258 хана болады. Сондай-ақ, 3 ресторан, банкетлер залы ҳәм 6 мәжилислер залы бар.
Бүгинги күнде конгресс-холл ҳәм мийманхана бой тиклеп болған, ишки безеў, электр тармақларын тартыў, декоратив панельлерди монтажлаў жумыслары жуўмақланбақта. Инженерлик-коммунакация тармақларын орнатыў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.
Президентимиз комплексте әмелге асырылған дөретиўшилик жумысларды жоқары баҳалап, бул объектлер иске қосылғаннан кейин, хызмет түрлерин көбейтиўге итибар қаратыў, халқымыздың бул жерге келип мазмунлы дем алыўы ушын қолайлықлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
Умар АСРОРОВ,
ӨзАның хабаршылары