Самарқанд қаласында 30-август күни «Шарқ тароналари» XII халықаралық музыка фестивалы жуўмақланды.

Музыка, қосық инсанның кеўлинде ең нәзик сезимлерди оятыўшы, адамды руўхландырып, жақсы ислерге ийтермелеўши қүдиретли күш. Тил, миллет таңламайтуғын намалар дилмашсыз, ҳеш бир қуралсыз инсанның жүрегине кирип барады. Кеўиллерди-кеўиллерге, еллерди-еллерге байланыстырады. Тынышлықты, мәдениятты, мәнаўиятты үгит-нәсиятлайды, инсаныйлықты улығлайды.

1997-жылдан берли ҳәр еки жылда турақлы түрде өткерилип киятырған «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы әне, сондай жақсы мақсетлерге хызмет етпекте. Өткен жыллар даўамында бул көркем өнер форумы дүнья халықларының миллий музыка мәдениятының дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, үгит-нәситялаў, тили, дини, миллетине қарамастан, барлық халықларды көркем өнер арқалы жақынластырыў ҳәм олар арасында дослық қатнасықларын беккемлейтуғын абырайлы фетивальға айланды.

Фестиваль «Шарқ тароналари» деп аталса да, онда планетамыздың барлық континентлеринен қосықшы ҳәм сазенделер, музыкатаныўшылар қатнасып, өзлериниң миллий нама ҳәм қосықларын атқармақта, дәстүрлери ҳәм қәдириятларын көрсетпекте.

Усы ўақытқа шекем он бир мәрте өткерилген бул музыка әнжуманында дүньяның 114 мәмлекетинен ўәкиллер қатнасқан. Тек ғана усы жылдың өзинде қатнасыўшы мәмлекетлердиң саны 75 ке жетти. Фестивальдың таңлаў бағдарламаларында болса 32 мәмлекеттиң музыкалық топарлары, қосықшы ҳәм сазенделери қатнасты. Аргентина, Мьянма мәмлекетлери ҳәм Фижи атаўларының ўәкиллери «Шарқ тароналари»нда биринши мәрте қатнасты.

Фестивальдың салтанатлы ашылыў мәресиминде Президентимиз Шавкат Мирзиёев атап өткениндей, планетамызда түрли келиспеўшилик ҳәм қарама-қарсылықлар, урыс ҳәм жәнжеллер күшейген қәўип-қәтерли заманда, адамзат барған сайын өз дүньясына оратылып баратырған бир шараятта, музыка инсанға оның инсан екенлигин еслетип, оның кеўлинде келешекке үмит ҳәм исеним оятады.

Бул пикирлерди БМШның билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) Бас директоры Одри Азуле ханым да айрықша атап өтти.

– Жалалиддин Румий «О рубаб намасы қайдан пайда боларсаң?» деп таң қалған еди. Биз болса бул сораўға жуўап ретинде «Нама, шубҳасыз, өз-ара байланыс, бирге ислесиўдиң нәтийжеси» деп жуўап бериўимиз мүмкин, – деди Одри Азуле қутлықлаў сөзинде. – Өйткени, мәдениятлар бир-биринен ажыралған ҳалда раўажланбайды. Олар өз-ара байланыс нәтийжесинде өседи, раўажланады. Бүгин Самарқанд жеринде болып өтип атырған фестивальдың бағдарламасы әне усы пикирдиң айқын дәлили есапланады. Бул фестивальда биз улыўмаинсанийлық қәдириятларды және бир мәрте сезинетуғынымызды айтып өтиўим керек.

Бул айтылғанлар фестиваль шеңбериндеги илажларда және бир мәрте өз сәўлелениўин тапты. Регистан майданындағы тийкарғы сахнада, сондай-ақ, Самарқанд қаласы, Ақдәрья, Пастдарғом, Жамбай, Самарқанд, Үргит районларындағы дем алыў бағлары, музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде дүнья халықларының қосық ҳәм намалары жаңлады. Дослық, аўызбиршилик, татыўлық қосық етип айтылды.

Он екинши фестиваль бурынғыларынан бираз өзгеше өткерилди. Қатнасыўшылар профессионал түрде халық музыкасы ҳәм қосықларын және дәстүрий жолда атқарылған заманагөй музыка ямаса қосық бағдарларындағы таңлаўда қатнасты. Олардың шығыўларын түрли мәмлекетлердиң музыкатаныўшылары ҳәм композиторлары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллериннен ибарат 11 төреши баҳалап барды.

Самарқанд қаласындағы музейлер, өнерментлер орайлары ҳәм мийманханаларда фестиваль тарийхына байланыслы сүўретлер, миллий өнерментшилик өнимлери, саз-әсбапларының көргизбелери болып өтти. Ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған бир неше әсирлик тарийхый естеликлер, муқаддес ҳәм зыярат орынлары, билимлендириў мәкемелери, заманагөй өндирислик кәрханалар, Әмир Темурдың тарийхый бағларына саяхатлар шөлкемлестирилди.

Дәстүрге бола, фестиваль шеңберинде «Шығыс халықларының дәстүрий музыка көркем өнерин раўажландырыў перспективалары» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти. Онда 10 нан аслам сырт мәмлекетлердиң, елимиз көркем өнертаныўшы илимпазларының баянатлары тыңланды, презентациялары өткерилди.

Регистан майданындағы амифитеатрда фестиваль қатнасыўшылары ҳәм мийманлар, елимиз мәдениятының ҳәм көркем өнериниң ғайраткерлери, жәмийетшиликтиң ўәкиллери халықаралық музыка әнжуманының салтанатлы жабылыў мәресимине жыйналды.

Фестиваль қатнасыўшылары ҳәм төрешилер қурамы илажлардың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенлигин, жоқары ҳүрмет-итибар ҳәм шын кеўилден миймандослық ушын мәмлекетимиздиң басшыларына, халқымызға миннетдаршылық билдирди.

26-30-август күнлери дүнья көркем өнер халқының бас сахнасына айланған Регистандағы амфитеатрда «Шарқ тароналари» XII халықаралық музыка фестивалының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Дәслеп, фестиваль қатнасыўшылары «Ең жақсы липас ҳәм музыканың үнлеслиги», «Меҳир-мириўбетти жырлағаны ушын», «Шығыс халықлары музыка көркем өнериниң жанкүйери», «Дәстүрлерге садық жәмәәт», «Қәдириятлардың даўамшысы» сыяқлы номинациялар бойынша сыйлықланды. Самарқанд ўәлаяты ҳәм қала ҳәкимлиги және басқа да шөлкемлердиң арнаўлы сыйлықлары тапсырылды.

Номинация жеңимпазларына диплом, 500 АҚШ долларынан ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Сахнаға Тәжикстан («Бадахшон» жәмәәти) ҳәм Россиядан («Айархан» жәмәәти) келген жәмәәтлер және Өзбекстан ўәкиллери – Әзизжон Абдуазимов ҳәм Улуғбек Элмуродзода мирәт етилди. Оларға фестивальдың үшинши дәрежели дипломлары, 2 мың АҚШ долларынан ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғалары берилди.

Екинши орынды Түркменстанның «Арчабил» ҳәм Монғолияның «Хатан» жәмәәтлери жеңип алды. Оларға 3,5 мың АҚШ долларынан ақшалай сыйлық, диплом ҳәм басқа да саўғалалар тапсырылды.

Профессионал халық музыкасы ҳәм қосықлары және дәстүрий жолда дөретиўшилик еткен заманагөй музыка ямаса қосық бағдарлары бойынша биринши орынға Қырғызстанның «Қомузчилар» дуэти және Әзербайжаннан келген Парвиз Гасимов ылайықлы деп табылды. Олардың ҳәр бирине 5 мың АҚШ доллары муғдарындағы ақшалай сыйлық, диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Соңынан толқынланыў мәўритлери басланды. «Шарқ тароналари» XII халықаралық музыка фестивалының бас сыйлығы – Гран-при Өзбекстан ўәкили Меҳринигор Абдурашидоваға берилгени жәрияланды.

Мәресим қатнасыўшылары Меҳринигорды қызғын алғыслар менен қоллап-қуўатлады.

photo5424703064360725405.jpg

– Дүньядағы абырайлы көркем өнер фестивалының жеңимпазы болғанымнан шексиз толқынланып ҳәм қуўандым, – дейди Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының студенти Меҳринигор Абдурашидова. –  Расын айтқанда, «Шарқ тароналари» нда қатнасыў, Регистанда қосық айтыўдың өзи бахыт. Бул фестивальда жеңимпаз болыў болса, барлық қатнасыўшылардың ең үлкен әрманы есапланады. Маған быйыл әне сондай бахыт несип етти. Пурсаттан пайдаланып, көркем өнеримизди жоқары баҳалаған төрешилерге, мени қоллап-қуўатлаған тамашагөйлерге ҳәм әлбетте устазларымызға миннетдаршылық билдиремен.

Мәресимде елимиздиң көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылары, фестиваль жеңимпазларының қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

«Шарқ тароналари»  халықаралық музыка фестивалының қатнасыўшылары 2021-жылда және Самарқандта ушырасыў нийетинде хошласты.

Фестиваль жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң орынбасары К.Оқилова ҳәм Самарқанд ўәлаятының ҳәкими Э.Турдимов қатнасты.

40(1).jpg

54(1).jpg

Ғолиб ҲАСАНОВ,

Хуршид ҚОДИРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары