Халқымыз тарийхтың сан-санақсыз басқыншылықлары ҳәм ғаўғаларына қарамастан, миллий өзлигин ҳәм әзелий қәдириятларын сақлап қалып, бүгинги раўажланған заманға мүлтиксиз жетип келиўинде оның қанына сиңип кеткен ар-намыс сезими ҳәм үлкен мәртлиги айрықша әҳмийетке ийе.

Бай тарийхқа ийе өзбек халқы жоқары мәденият, уллы мәнаўият, теңи-тайы жоқ илимниң ийелери болған, өз дәўиринде цивилизацияларды тербеткен уллы ойшыл ҳәм уламалар, теңи жоқ сәркардалардың мийрасхорлары.

Соның ишинде, өтмишимиздиң, Қадирий бабаның сөзи менен айтқанда, «Ең аўыр ҳәм ең қара күнлер»инде – түрли езиўшилик, басқыншылық ҳәм аяўсыз қуўдалаўлар дәўиринде азатлық жолында жан бергенлер, әдалатсызлықтың қурбаны болғанлар мәртлигиниң де даўамшылары.

Езиўшилик ҳәм басқыншылық дәўиринде бул жерде мыңлаған бийгүна инсанлардың өмири набыт болғанын, қаншадан-қанша шаңарақлар бүлинип ўайран болғанлығын, қаншадан-қанша нәрестелердиң жетим болып қалғанын тарийх, бүгинги ҳәм келешек әўлад ҳеш қашан умытпайды.

Халқымыздың әне сондай пидайы ҳәм төзимли ул-қызларының исмлерин, ҳақықыйқатлық ҳәм әдалатлықты тиклеў, заманласларымыз, атап айтқанда, өсип киятырған жас әўладтың санасында олардың естелигине ҳүрмет сезимин беккемлеў мақсетинде 2001-жылдан берли 31-август сәнеси мәмлекетимизде Репрессия қурбанларын еслеў  күни сыпатында белгиленеди.

31-август Ерте таң. Шейитлер қыябаны.

Президент Шавкат Мирзиёев «Шейитлер естелиги» комплексинде өткерилген халқымыздың азатлығы ҳәм елимиздиң ғәрезсизлиги жолында қурбан болғанларды еске алыў мәресиминде қатнасты.

Дәстүр бойынша ас берилди. Репрессия қурбанларына қуран оқылды.

Қурбан болғанлардың атларын тиклеў, естелигин мәңгилестириў мақсетинде пайтахтымызда «Шейитлер естелиги» комплекси ҳәм «Репрессия қурбанлары естелиги» музейиниң қурылғанын бәршемиз билемиз.

Музей 2008-жылда қайта оңланып, кеңейтилген ҳәм экспозиция заллары үшеўге жеткерилген. Сол жылы жаңаланған экспозиция 10 бөлимнен ибарат болып, 14 мың 665 экспонатты өз ишине алады. Ҳәзирги ўақытта мыңға шамалас тарийхый затлар көрсетилмекте. Олардың елиўге шамаласы бийбаҳа экспонат есапланады. Заманагөй техникалық қураллар менен үскенеленген музейге ҳәр жылы 50 мың зыяратшы келмекте. Олардың басым көпшилигин жаслар қурамақта.

Музей Германия, Россия, Әзербайжан, Қазақстан, Алжир ҳәм бир қатар басқа да мәмлекетлердеги түрлес мәкемелер, илимий орайлар менен бирге ислесиўди жолға қойған.

Кейинги жылларда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ата-бабаларымыздың Ўатан тынышлығы ҳәм азатлығы жолындағы гүреси бүгинги күн жаслары ушын өрнек  мектеби екенлиги есапқа алынып, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы жоқары билимлендириў мәкемелери жанында Репрессия қурбанлары естелиги музейлери шөлкемлестирилди. Бул музейлер жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, ағартыўшы ҳәм мәрт ата-бабаларымыз бенен мақтаныў сезимин қәлиплестириў, ел-журт ушын мүнәсип перзент болып камалға келиўинде айрықша әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысы қыябандағы рәмзий қәбир жанында нуранийлар, улама ҳәм зиялылар менен сәўбетлести.

Пидайы ҳәм ўатансүйгиш ата-бабаларымыздың турмысы ҳәм мийрасын үйрениў, естелигин мәңгилестириўге үлкен итибар қаратылып атырғаны атап өтилди. Мәмлекетимиздеги тынышлық-парахатшылық, қут-берекеттиң қәдирине жетиў, «кеўлиң Аллада, қолың мийнетте болсын» деген идеяға әмел етип, барлық тараўларды раўажландырыўға умтылыў, жасларды дүньятанымы кең, ўатаншыл инсанлар етип тәрбиялаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Бүгинги жақсы ҳәм раўажланған күнлер жолында қурбан болғанлардың руўхын шад етиў, абаданшылықтың қәдирине жетиў сезими ҳәммеге үлкен күш бағышлайды, руўхыятты пәклеп, жаңадан-жаңа дөретиўшилик жумысларға талпындырады. Өйткени, азатлық ушын гүрескен инсанлардың естелиги ҳеш қашан умытылмайды, халқымыздың жүрегинде мәңги жасайды.

Сол күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев Ғәрезсизлик майданына барып, еркинлигимиздиң, жарқын келешегимиздиң ҳәм жақсы нийетлеримиздиң белгиси болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүлшеңбер қойды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы, Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери де естеликке гүллер қойды.

Шавкат Мирзиёев Мустақиллик ва эзгулик монументига гулчамбар қўйди

ӨзА