Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-август күни Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен телефон арқалы сөйлести.

Сәўбетлесиў басында мәмлекетимиз басшысы Александр Лукашенконы туўылған күни менен қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.

Беларусь Президенти, өз гезегинде, қызғын қутлықлағаны ушын миннетдаршылық билдирип, мәмлекетимиз басшысын ҳәм көп миллетли Өзбекстан халқын Ғәрезсизлик күни менен қутлықлады.

Тәреплер көп қырлы Өзбекстан-Беларусь қатнасықлары бүгинги күнде жоқары пәтлер менен раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң саррас бир ай бурын Беларусь Республикасына әмелге асырған дәслепки рәсмий сапарының жемисли нәтийжелери еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыўға хызмет еткени, оны анық мазмун менен байытқаны атап өтилди.

Мәмлекет басшылары ерисилген келисимлер, соның ишинде, саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда қол қойылған келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў мәселелерин додалады.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.

Президентлер Өзбекстан Республикасы ҳәм Беларусь Республикасы арасындағы дослық ҳәм шериклик қатнасықларды буннан былай да беккемлеў, кең көлемли бирге ислесиў ҳәм тийкарғы бағдарларда кооперацияны кеңейтиў бағдарындағы умтылыслары исенимли екенин атап өтти.

ӨзА