Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2019-2020-оқыў жылы ушын магистратура қәнигеликлерине қабыл етилген ҳүжжетлер саны бойынша қәнигеликлер кесиминдеги мағлыўмат пенен танысың:
1) Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (математика) – 18;
2) Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (физика ҳәм астрономия) – 23;
3) Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (биология) – 21;
4) Социаллық-гуманитарлық пәнлерди оқытыў методикасы (тарийх) – 10;
5) Билимлендириўде мәлимлеме технологиялары – 17;
6) Педагогика теориясы ҳәм тарийхы (хызмет түрлери бойынша) – 19;
7) Педагогика ҳәм психология – 28;
8) Билимлендириў мәкемелериниң басқарыўы – 23;
9) Өзбек тили ҳәм әдебияты – 14;
10) Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты – 19 (соннан 1 Наўайы стипендиаты);
11) Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты – 12;
12) Социаллық-гуманитарлық пәнлерди оқытыў методикасы (руўхыйлық тийкарлары) – 20;
13) Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (баслаўыш билимлендириў) – 22;
14) Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (мектепке шекемги билимлендириў) – 21;
15) Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (химия) – 9;
16) Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (география) – 8;
17) Шет тили ҳәм әдебияты (инглис тили) – 45;
18) Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (технологиялық билимлендириў) – 18;
19) Ана тили ҳәм әдебияты (тиллер бойынша): қазақ тили ҳәм әдебияты – 7.
Улыўма – 354 абитуриент.
Еслетип өтемиз, быйылғы жылы магистратура қәнигеликлерине ҳүжжетлер 1-30-июль күнлери аралығында қабыл етилди.
Қабыллаў 30-июль күни саат 20:00 ге шекем даўам етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.