Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 2019-жыл 4-июльдағы 1-санлы протоколы тийкарында 2019-2020-оқыў жылы ушын пәнлер комплекси тастыйықланды.

Оған муўапық, алдынғы жыллардағы сыяқлы математика пәниндеги «информатика менен» деген сөз дизбеги алып тасланды.

Ҳуқықтаныўшы-блогер Мәмлекетлик тест орайының жуўапкерлери менен сөйлескенде, олар математикадан өткерилетуғын тест сынақларында информатикадан түсетуғын 5-6 сораўдың алып тасланып атырғанын, бул пән комлексинде сораўлар тек ғана математикадан болатуғынлығын атап өткен.

Мағлыўмат ушын, математикадан түсетуғын тест сынақларында информатикадан сораўлар болыў тәртиби 2014-жылдан берли қолланылып киятырған еди. Енди бул тәртип бийкар етилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.