Бүгинги күнде социаллық тармақларда ҳәм мессенджерлерде жас өсипиримлердиң жоғалып қалғаны, көшеде ҳәр қыйлы қыйын жағдайларға түскени ямаса өзи билмей жынаят қатнасыўшысына айланғаны ҳаққында хабарлар көп тарқалмақта.
Балалар есин танып, гәпке түсинетуғын жасқа жетиўи менен оларға қәўипсизлик қағыйдаларын түсиндирип барыў керек. Қәўипсизлик қағыйдалары бала анаў ямаса мынаў себепке бола жалғыз қалған жағдайда оны қорғайтуғын ҳәм қәўип-қәтерлерден сақлайтуғын ис-ҳәрекетлер комплексинен ибарат.
Жоқарыдағыларды нәзерде тутып, Әдиллик министрлиги балалар ҳәм ата-аналарға мөлшерленген «Балалар ушын қәўипсизлик қағыйдалары» атамасында әмелий қолланба ислеп шықты.
Балалардың үйде, көшеде, мектепте, жәмийетлик орынларда, транспортта ҳәм жолдың ҳәрекетлениўши бөлегинде қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың жынаятшылыққа араласып қалыўы ямаса жынаят қурбанына айланыўының алдын алыў мақсетинде таярланған бул қолланбада мағлыўматлар дәслеп әмелий әҳмийети жоқары ҳәм балалар ушын түсиникли болыўы нәзерде тутылған ҳалда усынылған.
Сондай-ақ, ата-аналар ушын да өз перзентлерине қәўипсизлик бойынша нелерди үйретиўи керек ҳәм нелерди ислеўи шәрт екенлиги ҳаққында бир қатар еслетпелер берилген.
Қолланбаның балалар ушын қызық болыўы итибарға алынған ҳалда реңли, сүўретли, инфографикаларға бай тәризде таярланды.
Әдиллик министрлиги усы қолланба арқалы бир жағынан балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў, басқа жағынан болса жас әўладта қағыйдаларға ҳәм нызамға бойсыныўшылық руўхын тәрбиялаўды өз алдына мақсет етип қойған.
Әдиллик министрлиги
Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими
ӨзА