2-июль жағдайына бола Республикамыздың жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыў тилегин билдирген абитуриентлердиң саны 114 мыңнан асты. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Азиз Абдуҳакимов өзиниң Фейсбуктағы бетинде мәлим етти.

Абитуриентлердиң ең көп дизими атап өтилген (таңлаў) жоқары билимлендириў мәкемелериниң үшлигине Өзбекстан халықаралық ислам академиясы (бир орынға 2.96 абитуриент), Әндижан медициналық институты (бир орынға 2.81 абитуриент), Гүлистан мәмлекетлик университети (бир орынға 2.23 абитуриент) кирмекте.

Абитуриентлердиң ең көп дизими атап өтилген билим бериў бағдарларының қатарына болса Мектепке шекем билимлендириў (6490 абитуриент), Баслаўыш билим бериў ҳәм спорт (6240 абитуриент), Денетәрбия мәденияты (5901 абитуриент) сыяқлыларды киргизиў мүмкин.

Абитуриентлердиң ең көп ҳүжжет тапсырған аймақларының 3 лигине болса Қашқадәрья ўәлаяты (11 321 абитуриент) жетекшилик етпекте.

Оннан кейин Әндижан (11 098 абитуриент) ҳәм Самарқанд ўәлаятлары (10 596 абитуриент) атап өтилген.

Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен берилген мағлыўматқа қарағанда быйыл ҳүжжет тапсыратуғын абитуриентлердиң саны алдынғы жылларға қарағанда кескин артыўы ҳәм 1,5 миллионға шамалас адам ҳүжжет тапсырыўы күтилмекте.

Быйылғы оқыў жылында тест сынақларын өткериў ушын Ташкент қаласы ҳәм мәмлекет аймақларының орайларында 69 жоқары сыйымлылықтағы имаратлар сайлап алынды.

ӨзА