Пайтахтымыздағы Республикалық Эндокринологиялық диспансеринде ноябрь айының басынан берли «Диабет айлығы» бағдарламасы шеңберинде бир қатар илажлар өткерилмекте.

Өткерилген илажларда  Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери, усы саладағы тәжирийбели шыпакерлер, фармацевтика тараўының қәнигелери қатнаспақта. Усы дәўир даўамында өзин-өзи басқарыў уйымларында, оқыў орынларында, мәкеме ҳәм кәрханаларда болып, жуўапкер хызметкерлер менен биргеликте қантлы диабет, оның клиникалық көриниси, профилактикасы ҳәм бул кеселликтиң алдын алыў бағдарында сәўбетлесиўлер, ушырасыўлар шөлкемлестирилди.

«14-ноябрь – Халықаралық диабет күни» мүнәсибети менен диспансерде «Ашық есиклер күни» илажы болып өтти.

Илажда диспансер хызметкерлери менен биргеликте халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлер болған «ФОРМАК», «БЕРЛИН-ХЕМИ», МЕДО-ФАРМ» компанияларының да ўәкиллери қатнасып, диспансерде емленип атырған балаларға керекли болған емлеў буйымларын, кийим-кеншек, гигиеналық буйымларды саўға ретинде тапсырды.

– Мениң ақлығым 3 жасынан берли қантлы диабет пенен аўыратуғын еди. Жылда күтимли қарап, емлетип киятырмыз. Оқыўларға жақсы қатнасады, ден-саўлығы жақсы. Күтинип, өз ўақтында емленип жүрсе, шыпакерлерге тез-тезден көрсетип турылса пүткиллей саўалып кетеди деп, үмит етемиз.

Бүгинги илажда балаларымызға көплеген саўғалар берилди. Қуўыршақ театрының сахналық көринислерин тамашаладық. Усындай итибар ушын ел басшыларына, шыпакерлерге миннетдаршылығымыз шексиз,-дейди Р.Мадрахимова.

Айлық шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы