Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Сенатының 20-улыўмалық мәжилисинде сөйлеген сөзинде елимиздиң ҳәр бир тараўында коррупция тамыр жайғаны ҳаққында атап өтти, деп хабар берди «Дарё».
Атап айтқанда, мәмлекет басшысы нефть-газ тараўындағы ири жойбарлар коррупция тийкарына қурылғанын мәлим етти.
«20 жыл даўамында нефть-газ тараўындағы жойбарлардың 50 проценти пара тийкарында болған. Бир ғана Сүргил нефть-газ жойбары шеңберинде бир лаўазымлы адам 80 миллион доллар алған! 80 миллион! Халықты ким ойлайды?», – деп айтып өткен Президент.
Қарақалпақстан хабар агентлиги