Социаллық тармақларда жас жигитлердиң «спор» ойнап, бир-бириниң үстине бензин қуйып, кейин өртеп жиберген видеосы тарқалды. Ўақыя Үргениш қаласында болғанлығы айтылмақта.
Телеграмдағы каналларда тарқалған видеода денесин өрт қаплаған жас жигиттиң көпирден өзин суўға таслағанын көриў мүмкин.
«Инстаграмда белгили боламан деп жасларымыз өзлериниң үстилерине бензин қуйып, өртеп жибермекте. Үргениште бир неше жаслар «спор» ойнап, бир-бириниң үстине бензин қуйып өртеген. Бензинде өртенген бала өзин дәрьяға таслаған», – деп жазып қалдырылған видео астына.
Видеоның түсирилген сәнеси мәлим емес.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.