Усы жылдың 18-июнь күни «Россия 24» телеканалының дөретиўшилик топары Қарақалпақстан Республикасына келди. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети хабар берди.

Телеканал ўәкиллери Арал теңизи қурыўының унамсыз ақыбетлерин сапластырыў, аймақтағы экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў бойынша елимизде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳүжжетли фильм түсириўди мақсет еткен.

Фильмди сүўретке алыў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги