Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июнь күнги «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 468-санлы қарарына муўапық, 2019-2020-оқыў жылында оқыўға тапсыратуғын абитуриентлердиң қандай тәртипте ҳүжжетлер тапсыратуғынлығы, ҳүжжетлердиң қай жерлерде, қашан қабыл етилетуғынлығы ҳәм басқа да мәселелер бойынша тәртип қағыйдалары белгиленди.

Усы мәселелер бойынша Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Артыков толық түсиник берди:

– Усы қарар менен 2019-2020-оқыў жылынан баслап Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгиленетуғын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавр басқышына оқыўға кириў ушын абитуриентлер мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП) арқалы мүрәжат етиўи белгиленди.

Бунда абитуриентлер тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки БИМХП арқалы кириў тест сынақларында қатнасыў ушын дизимнен өтиў белгиленбеген мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳүжжет тапсырыўда Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 20-июнь күнги 393-санлы қарары менен тастыйықланған «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына студентлерди оқыўға қабыл етиў тәртиби ҳаққында»ғы Режеде белгиленген әмелдеги тәртип сақланып қалынады.

Абитуриентлерди мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы дизимге алыўда әмелий жәрдем бериў мақсетинде оқыў жылына қабыллаў басланаман дегенше аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелеринен ўәкиллер ажыратылыўы тәмийинленеди.

Пуқарлардың электрон сүўретлери бар болған мәлимлеме базасы Электрон ҳүкимет мәкемелераралық интеграцион платформасы ҳәм Мәмлекетлик тест орайының мәлимлеме системасына интеграцияланады. Қарақалпақ мәмлекетлик университети,  Гүлистан мәмлекетлик университети, Ферғана мәмлекетлик университети, Самарканд мәмлекетлик университети.

«Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў»диң ҳәкимшилик регламенти абитуриентлерге Мәмлекетлик хызметлер орайлары (кейинги орынларда Орай деп жүргизиледи) яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (кейинги орынларда БИМХП деп жүргизиледи) арқалы республика жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына оқыўға кириў ушын ҳүжжетлер тапсырыў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиў тәртибин белгилейди.

Регламент талаплары, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленетуғын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине әмел етеди.

Сырт ел, жеке меншик ҳәм әскерий жоқары билимлендириў мәкемелерине, жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына, тест сынақларысыз имтиханлар арқалы оқыўға қабыл етилетуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат билимлендириў бағдарларына оқыўға кириў ушын, жоқары билимлендириў мәкемелерине сырт ел пуқаралары тәрепинен ҳүжжет тапсырыўға ҳәм Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссия тәрепинен Орайлар яки БИМХП арқалы кириў тест сынақларында қатнасыў ушын дизимнен өтиў белгиленбеген мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине әмел етпейди.

Орайлар, Мәмлекетлик тест орайы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы мәлимлеме алмасыў электрон санлы имзаны (ЭСИ) мәжбүрий тәртипте қолланып тек ғана мәкемелераралық электрон өз-ара байланысыў арқалы әмелге асырылады.

Абитуриентлер өзлериниң турақлы (ўақтынша) дизимде турған орнына қарамастан, өзлери қәлеген Орайға мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын мүрәжат етиўи мүмкин.

Абитуриентлер Орайға мүрәжат еткен аймақта (БИМХП арқалы мүрәжат еткенде турақлы дизимде турған аймақта) шөлкемлестирилетуғын тест сынақларында қатнасыўы мүмкин.

Абитуриентлерге мәмлекетлик хызметлер ҳәр жылы 15-июнь күнинен 15-июль күнлери аралығында көрсетиледи.

Абитуриент мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын Орайға мүрәжат етеди яки мәмлекетлик хызметлерден электрон тәризде пайдаланыў ушын БИМХПда дизимнен өтеди.

Жеңилликлерге ийе болған абитуриентлер, сондай-ақ, пуқаралығы болмаған шахслар ҳәм паспорт жасына жетпегенлер мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын Орайларға мүрәжат етеди.

Абитуриент өзи келип мүрәжат еткен жағдайда, Орай хызметкери абитуриенттиң атынан, БИМХП арқалы мүрәжат етилгенде бийғәрез рәўиште Регламенттиң қосымшасында келтирилген формаға муўапық сораўнама бойынша мағлыўматларды Мәмлекетлик тест орайының системасына арнаўлы бағдарлама арқалы электрон түрде киргизеди.

Орай хызметкери тәрепинен сораўнамаға тийисли мағлыўматлар киргизилиўи ушын абитуриент Орай хызметкерине төменде көрсетилген ҳүжжетлердиң түп нусқаларын усыныс етеди:

– пуқаралық паспорты (ишки ислер бөлимлери тәрепинен берилген 09-форма бойынша физикалық шахстың жеке идентификация қатар саны, паспорт сериясы ҳәм қатар санлары көрсетилген мағлыўматнама);

– паспорт жасына жетпегенлер ушын туўылғанлығы ҳақкында гүўалық;

– улыўма орта билимлендириў (11-класс негизинде) яки орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесин питкергенлиги ҳақкындағы ҳүжжет (қосымшасы менен);

Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Министрлер Кабинетиниң нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жеңилликке ийе болған абитуриентлер жеңиллик ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет.

Ҳүжжетлерди қабыл етиўдиң белгиленген мүддетлери тамамланғаннан соң сораўнамаға қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў қатаң түрде қадаған етиледи.

Абитуриентлерден қосымша ҳүжжетлерди талап етиў қадаған етиледи.

Абитуриент бир ўақыттың өзинде, оқытыўдың бир түри шеңберинде үшке шекем жоқары билимлендириў мәкемесин (бакалавриат билимлендириў бағдарлары) таңлаўы мүмкин. Бир неше жоқары билимлендириў мәкемесин (бакалавриат билимлендириў бағдарлары) таңлаўда имтихан тапсырылатуғын пәнлер жыйындысы ҳәм избе-излиги сәйкес болыўы шәрт.

Сораўнамаға зәрүр мағлыўматлар рәсмийлестирилип, киргизилгеннен соң Орай хызметкери абитуриентке ҳүжжетлердиң түп нусқаларын қайтарады ҳәм 14-код (матрицалы штрих код) қойылған сораўнаманы еки нусқада баспадан шығарып, абитуриентке береди. Абитуриент мағлыўматлардың дурыслығын тексерип, сораўнаманы өз имзасы менен тастыйықлайды, бир нусқасын өзинде алып қалады ҳәм екинши нусқасын Орай хызметкерине береди.

Сораўнама абитуриенттиң имзасы менен тастыйықланғаннан соң Орай хызметкериниң ЭСИсы менен тастыйықланып, Мәмлекетлик тест орайы системасына автоматикалық тәризде киргизиледи.

Абитуриент мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәр қандай басқышында олардан пайдаланыўдан бас тартыў ҳуқықына ийе. Абитуриент мәмлекетлик хызметтен пайдаланыўдан бас тартқан жағдайда, оның мағлыўматлары көрместен қалдырылады.

Абитуриент имтихан нәтийжелерине бола жоқары билимлендириў мәкемесине қабыл етилген жағдайда, Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 20-июнь күнги 393-санлы қарары менен тастыйықланған «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына студентлерди оқыўға қабыл етиў тәртиби ҳаққында»ғы Режеде көрсетилген ҳүжжетлердиң түп нусқаларын тийисли жоқары билимлендириў мәкемесине оқыў жылы басланаман дегенше усыныс етеди.

Сораўнамадағы жеңилликлер ҳақкындағы мағлыўматларға төмендегилер кириўи мүмкин (егер бар болса):

  1. 1. Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қурамында мүддетли әскерий хызметти өтеп, әскерий бөлим сәркардалығының (командованиесиниң) усынысына ийе болған пуқаралар;
  2. 2. 8 ҳәм 88 топар майыплылығы болған шахслар;
  3. 3. Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлериниң перзентлери;
  4. 4. Халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалар, таңлаўлар ҳәм жарыслардың жеңимпазлары болған академиялық лицейлердиң, кәсип-өнер колледжлериниң ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўшилери;
  5. 5. Шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы мәмлекетлик үлгидеги Вә ҳәм оннан жоқары дәрежедеги маманлық сертификатына ийе болған абитуриентлер;
  6. 6. Жетекши халықаралық имтихан системалары (TOEFL, IELTS, CEFR, SAT General, SAT Subject ҳәм басқалар) сертификатларына ийе болған абитуриентлер;
  7. 7. Толық мәмлекет тәмийнатындағы жетим балалар;
  8. 8. Өзбекстан жаслар аўқамының республика комиссиясы тәрепинен берилген усыныс ийелери (педагогикалық билимлендириў бағдарларына);
  9. 9. Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары;
  10. 10.  «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының ийелери;
  11. 11. «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы» республикалық таңлаўының жеңимпазлары;
  12. 12. Медицина мәкемелери мийирбийкелериниң «Мийирбийке» республикалық таңлаўының жеңимпазлары;
  13. 13. Көркем өнер академиясының сүўретлеў исскуствосы бойынша республикалық таңлаўының жеңимпазлары;
  14. 14. «Ниҳол» сыйлығының лауреатлары;
  15. 15. Әскерий бөлим сәркардалығы (командованиеси) ҳәм Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми усынысына ийе болған пуқаралар;
  16. 16. Наўайы ўәлаятының алыс шөл аймағынан болған абитуриентлер (Наўайы, Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятлары жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳүжжет тапсырғанда);
  17. 17. Мақсетли қабыллаўда.

Сораўнамада көрсетилген мағлыўматлардың толық, ҳақыйқый ҳәм дурыс көрсетилгенлиги ушын арза ийеси (абитуриент) жуўап береди.

Егер, тапсырылған ҳүжжетлердиң қәлбекилиги анықланған жағдайда, абитуриент тест сынақларынан шетлетиледи ҳәм ҳүжжетлер белгиленген тәртипте көрип шығыў ушын ҳуқық қорғаў уйымларына жибериледи.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.