USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 26 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИНИҢ БИШКЕКТЕГИ УШЫРАСЫЎЛАРЫ

Бишкек, 13-июнь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Зиёдулла Жонибеков хабар береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын 13-июнь күни Бишкек қаласына келди.

«Манас» халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қырғызстан Бас министри Муҳаммедкалий Абилгазиев күтип алды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков пенен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысы Қырғызстан Президентин ШБШдағы табыслы басшылығы менен қутлықлады.

Президентлер мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из беккемленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара саўда көлеми артпақта, экономиканың түрли тармақларында кооперация жолға қойылмақта, мәдений-гуманитарлық алмасыў кеңеймекте.

Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер көрип шығылды.

Шавкат Мирзиёев Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани менен сөйлесиў өткерди.

194e934f-fce4-a348-20ea-4f098077b80d.jpg

Мәмлекетимиз басшысы түрли дәрежедеги еки тәреплеме сөйлесиўлер жеделлескенин, өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислсеиў ҳәм гуманитарлық алмасыўлар кеңейип атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда Аўғанстанның социаллық-экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў ҳәм усы мәмлекетти Орайлық Азиядағы регионаллық бирге ислесиў процесслерине тартыўға қаратылған бағдарламалар менен жойбарларды жүзеге шығарыўдың әмелий мәселелери көрип шығылды.

Ашраф Ғани Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиў бағдарындағы белсенди ис-ҳәрекетлери ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы БМШ Бас хаткериниң сиясий мәселелер бойынша орынбасары Розмари ДиКарло ханым менен де ушырасты.

Сөйлесиўде Өзбекстан менен БМШ институтлары арасындағы Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге қаратылған көп қырлы шериклик перспективалары көрип шығылды.

Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўдиң әҳмийетли мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Арал апатшылығы ақыбетлерин, соның ишинде, БМШ қәўендерлигиндеги Аралбойы регионы ушын көп шериклик Траст фонды шеңберинде сапластырыў бойынша жедел ис-ҳәрекетлерди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Розмари ДиКарло шын жүректен қабыл еткени ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

БМШның жоқары мәртебели ўәкили Жақын Шығыстағы қураллы соқлығысыўлар аймағынан Өзбекстан Республикасы пуқараларын қайтарыў бойынша миссия табыслы әмелге асырылғанын айрықша атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында тийкарғы жойбарлар менен бағдарламаларды биргеликте алға қойыў арқалы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылыў исенимли екени атап өтилди.

Усы күни Қырғызстан мәмлекетлик филармониясында ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң Бишкек саммити қатнасыўшылары ушын концерт бағдарламасы қойып берилди.

Саммиттиң тийкарғы илажлары 14-июнь күни болып өтеди.

ӨзА