Усы жыл 12-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының 2019-жыл 15-январьдағы арнаўлы буйрығына муўапық, «Түйемойын-Нөкис» регионлараралық суў қубырларынан пайдаланыў басқармасына қараслы Нөкис суў тазалаў қурылмасында «Техноген қәсийетке ийе айрықша жағдайлар жүз бергенде объекттиң басшылар қурамы ҳәм пуқаралық қорғаныў структуралары жеке қурамының ҳәрекетлери» темасында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.

Оқыў-шынығыўына Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Өрт қәўипсизлиги басқармасы, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасының әскерий мобилизациялық бөлими, «Түйемойын-Нөкис» регионлараралық суў қубырларынан пайдаланыў басқармасының басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.

– Оқыў-шынығыўын өткериўден мақсет – тәбийғый ҳәм техноген түрдеги айрықша жағдайлар жүз бергенде объекттиң басшылар қурамы ҳәм пуқаралық қорғаныў структураларының жеке қурамының дурыс ҳәрекет етиўи бойынша көнликпелерин жетилистириў болып есапланады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының бөлим баслығы Е.Жүзбаев. – Сондай-ақ, басқарыў уйымлары менен пуқаралық қорғаныўдың жеке қурамын кешиктирип болмайтуғын авариялық ҳәм қутқарыў жумысларына таярлығын күшейтиў, усындай жағдайларда олардың ўазыйпаларын анық ҳәм дурыс орынлаўын әмелий түрде сынап көрип үйретиў, пуқаралық қорғаныў хызметлериниң бирге ислесиўин жетилистириўден ибарат.

Оқыў-шынығыўы объекттиң басшылар қурамы менен пуқаралық қорғаныў жеке қурамын хабарландырыў арқалы басланды. Соң сап таярлығы көзден өткерилди.

Объекттиң пуқаралық қорғаныў структурасының газден қутқарыў, өрт қәўипсизлиги, медициналық хызмет көрсетиў топарлары авариялық қутқарыў ҳәм басқа да кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырды. Онда шәртли түрдеги, объектте жүзеге келген хлордың ҳаўаға тарқалыўы, өрт ақыбетлерин сапластырыў ҳәм жәбирленгенлерге биринши медициналық жәрдем көрсетиў илажлары әмелде сынап көрилди.

Қалалық қорғаў хызмети тәрепинен объектти қорғаў күшейтилип, шәртли түрде объектке суўды зәҳәрлеў ушын кирген жынаятшыны услаў бойынша шынығыў өткерилди.

Оқыў-шынығыўына жәми 73 адам қатнасып, 9 арнаўлы техника тартылды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.