Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын 13-июнь күни Бишкек қаласына келди.

Бишкек, 13-июнь.

ӨзАның арнаўлы хабаршысы

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ хабар береди.

Манас халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қырғызстан Бас министри Муҳаммедкалий Абилгазиев күтип алды.

ШБШ Мәмлекет басшылары кеңеси мәжилисиниң күн тәртибинен тийкарғы бағдарларда, соның ишинде, сиясат, экономика ҳәм қәўипсизлик тараўларында көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери орын алған. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылады.

4c49ebd9-d862-2b3e-4ece-9a625d195e58.jpg

Саммиттиң жуўмағында Бишкек декларациясының қабыл етилиўи, сондай-ақ, шөлкем шеңбериндеги көп қырлы шерикликти, соның ишинде, аймақлараралық байланысларды, цифрластырыў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары, экология, туризм, спорт ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилмекте.

Өзбекстан ШБШ шеңбериндеги барлық илажларда белсене қатнасып келеди. Ағза мәмлекетлер менен биргеликте көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әҳмийетли усыныс ҳәм басламаларды алға қойып келмекте.

8bf140d6-ad9c-b55d-14fb-04ea3f920bb9.jpg

Шөлкемниң тийкарғы мақсетлерине ерисиў Орайлық Азияның қәўипсизлиги ҳәм турақлылығына тиккелей байланыслы. Халықаралық аналитиклер соңғы жылларда Өзбекстанның регионда пүткиллей жаңа сиясий орталықты қәлиплестириўде айрықша орын ийелеп атырғанын атап өтпекте. Президент Шавкат Мирзиёевтиң бес басламасы менен қысқа ўақытта региондағы қыйын машқалалар, соның ишинде, шегара, саўда, транспорт ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери шешиле баслады.

24c9d78a-618e-8b24-4002-9c4c64ec80ad.jpg

Мәмлекетимиз басшысы ШБШның Астана (2017) ҳәм Циндао (2018) саммитлеринде алға қойған әҳмийетли басламалар да турмыста өзиниң әмелий көринисин таппақта. Атап айтқанда, Циндаода Мәмлекет басшыларының Жасларға биргеликтеги мүрәжаты, өткен жылдың сентябринде Ташкентте ШБШға ағза мәмлекетлер темир жол бойынша уйымлары басшыларының биринши ушырасыўы өткерилди, мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 26-июньдеги қарары менен пайтахтымызда ШБШның Халық дипломатиясы орайы шөлкемлестирилди. Соның менен бирге, Самарқанд қаласында «Жипек жолы» халықаралық туризм университети шөлкемлестирилди. Усы жылдың екинши ярымында болса ағза мәмлекетлердеги жаслар шөлкемлериниң қатнасыўында Мәлимлеме технологиялары ҳәм инновациялық раўажланыў және Стартап басламалары ҳәм жойбарлары бойынша форумлар  өткериў режелестирилген .

acc0cc43-bb09-4eb6-035f-f5921a5360d2.jpg

Президент Шавкат Мирзиёев бүгин бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткериўи күтилмекте.

Саммиттиң тийкарғы илажлары 14-июнь күни болып өтеди.

b8113c28-b5dd-9ea1-ddf1-1aa4dedc8b17.jpg

ӨзА