Улыўма пайдаланыў телекоммуникация тармағында телефон байланысы хызметлерин көрсетиў қағыйдаларына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен (дизимнен өтиў саны 1323-7, 11.06.2019 ж.) өткерилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Әмелдеги тәртипке бола, телефон байланысы хызметлерин көрсетиў ушын пайдаланыўшылар телекоммуникация операторына шәртнама дузиў ушын арза береди.

Киргизилген өзгерислерге муўапық, телекоммуникация операторы бул арзалар дизимге алынған күннен баслап 10 күнде қабыл етилген қарар ҳаққында арза бериўшини хабардар етеди.

Бурын бул мүддет 30 күн еди.

Ендигиден былай, абоненттиң телефон байланысынан пайдаланыўы тоқтатып қойылғаннан кейин 60 күн ишинде телефон байланысы хызметлери бойынша қарыздарлығын жаппаса, телекоммуникация операторы шәәртнаманы бир тәреплеме бийкар етеди.

Бурын бул мүддет бир ай еди.

ӨзА