БМШ Бас Ассамблеясы 73-сессиясының гезектеги жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы биринши рет Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 74-сессиясы баслығының орынбасары етип сайланды.
Бас Ассамблея шөлкемге ағза барлық мәмлекетлердиң ўәкиллери көрсетилген мәсләҳәт уйымы болып есапланатуғынын атап өтиў керек. Бул уйым тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, қуралсызландырыў, раўажландырыў, кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм инсан ҳуқықлары және қоршаған орталықты қорғаў ушын жуўапкер болып табылады. Бас Ассамблея кең көлемдеги халықаралық мәселелерди көрип шығады ҳәм олар бойынша шешимлерди қабыл етеди.
Өзбекстан менен бир қатарда БМШ Бас Ассамблеясы 74-сессиясы баслығының орынбасары лаўазымына Индонезия, Умман, Сингапур, Түркия, Хорватия сыяқлы мәмлекетлердиң ўәкиллери де сайланды.
Баслық орынбасарларының тийкарғы ўәкилликлериниң шеңберине баслық қатнаспаған жағдайда Бас Ассамблея жалпы мәжилислерин ашып бериў ҳәм жабыў, жалпы мәжилислерде додалаўларды басқарыў, мәжилислер даўамында тәртипти сақлаў, атап айтқанда, шөлкемге ағза мәмлекетлер шығып сөйлеўге, даўыс бериўге сораўларды киргизиў, сондай-ақ, олар бойынша шешимлерди жәриялаў усылардың қатарына киреди.
Өзбекстан Республикасы БМШның бул жоқары лаўазымға сайланыўы мәмлекетимиздиң регионда ҳәм пүткил дүнья жүзинде дослық орталығын ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў, халықаралық қәўипсизлик және турақлылықты тәмийинлеў, турақлы раўажланыўға қаратылған сыртқы сиясаты дүнья жәмийетшилиги ҳәм БМШның басшылары тәрепинен толық түрде қоллап-қуўатланатуғынынан дәрек береди.
ӨзА