Нөкис қаласы Х.Абдамбетов көшеси Имәм ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешити алдындағы бағ алдында қарақалпақ халқының классик шайырлары Бердақ Ғарғабай улы ҳәм Әжинияз Қосыбай улы, сондай-ақ, Арал теңизи, Нөкис қаласының заманагөй келбети, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған қараүй, ғобыз ҳәм «Karakalpakstan» жазыўы жазылған миллий орнамент сүўретленген әжайып көринис жаратылды.

 

Фотолар авторы: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.