«Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетинде Россия Федерациясының «Силовые машины» компаниясының бас директоры Темур Липатов басшылығындағы делегация ўәкиллери менен өз-ара бирге ислесиў мәселелерине бағышланған ушырасыў өткерилди.

 Тәреплер инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў механизмлерин додалады. «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийети басқармасының баслығы Абдуғани Сангинов кейинги жылларда еки мәмлекет арасында өз-ара пайдалы бағдарлар бойынша көп қырлы бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғанын атап өтти. Өз гезегинде «Силовые машины» компаниясының басшысы менен биргеликте жойбарларды буннан былай да раўажландырыў имканиятларының көплиги, оларды толық иске қосыўдан еки тәреп те бирдей мәпдар екенин атап өтти.

Бүгинги күнде Россияның «Силовые машины» компаниясы глобаллық энергомашиналар қурылысы санааты бойынша дүньяда жетекшилерден бири болып есапланады. Компания ыссылық, атом ҳәм гидростанциялар ушын әсбап-үскенелерди жойбарластырыў, таярлаў ҳәм жеткериў, оларды монтажлаў жумысларын, орнатылыўын шөлкемлестириў тәжирийбесине ийе.

Гидроэнергетика ресурслары тәбийғый, экологиялық таза ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреги болғаны себепли олардан пайдаланыўды ҳәр тәреплеме кеңейтиў республикамыздың заманагөй раўажландырыў стратегиясына сәйкес келеди. Кейинги жылларда мәмлекетимиздиң гидроэнергетика потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, бар гидроэлектростанцияларды техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў, гидроэнергетиканы раўажландырыўға сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў, усы тийкарда кәрханалар ҳәм халықтың электр энергияға болған талабын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Ушырасыўда тәреплер өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойды.

Бул болса санаат ҳәм коммуналлық кәрханалар, аўыл хожалығы және аймақларда халықтың электр энергиясына болған талабын кепилликли қаплаўды, мәмлекетимиздеги органикалық жанылғы резервлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды үнемлеўди тәмийинлейди.

3.jpg

5.jpg

6.jpg

7.jpg

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы