Быйылғы жылдың 1-июнь күнинен баслап тәбийғый ҳәм суйытылған газ және электр энергиясы ушын тутыныў төлемлериниң қымбатлаўы ҳаққында хабар берилген еди. Жәмийетшилик арасында бул өзгерислер ҳәр қыйлы пикир-таласларды келтирип шығарды.

Қаржы министрлигиниң ӨзАға берген мағлыўматына қарағанда, айырым себеплерге байланыслы усы жылдың 1-июнынан баслап тәбийғый ҳәм суйытылған газ және электр энергиясы ушын тутыныў төлемлериниң қымбатлаўы тоқтатып қойылды. Ҳәзирше баҳалар көтерилмейди, процесс тоқтатылып турыпты, себеплери министрлик тәрепинен тез арада мәлим етиледи, деп жазылған хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги