Бүгин ӨзР Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде ӨзР Ишки ислер министриниң орынбасары А.Бобохонов, министрликтиң жәмийетшилик ҳәм ҒХҚлар менен байланыслар басқармасы баслығы Қ.Бурхонов, ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасының жуўапкер хызметкерлери қатнасыўында брифинг болып өтти.

Брифингде тийкарғы пикир-таласлар күндизги ўақытта автомобильлердиң жақын аралықты жақтыландырыўшы шырақларын қосып жүриўи менен байланыслы болды.

Министр орынбасары бул қағыйдаға билдирип атырған қарсы пикирлердиң тийкарсыз екенлигин атап өтип, сөзиниң ақырында «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 138-бәнти (усы күндизги ўақытта автомобильлердиң жақын аралықты жақтыландырыўшы шырақларын қосып жүриўиниң мәжбүрий екенлиги) қайта көрип шығылып атырғанын билдирди, – деп жазады «Xabar.uz» басылымы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.