Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң елимизге рәсмий сапары шеңберинде бир қатар илажлар болып өтти.

 Денсаўлықты сақлаў министрлигинде болып өткен презентация да солардың бири болып есапаланады. Ол «CARO – 2019» Орайлық Азия радиоонкология конгрессин өткериў мәселелерине бағышланды.

Министрлик ҳәм «OPASCA GOS Central Asia» компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда жергиликли ҳәм сырт ел экпертлери, тараў ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Элмира Боситхонова, Германиядағы «OPASCA GmbH» ҳәм «OPASCA German Oncology Solutions GmbH» компаниялары бас директоры, техника илимлериниң докторы Алексей Свердлов ҳәм басқалар Өзбекстан – Германия арасындағы бирге ислесиў медицина, атап айтқанда, нур терапиясы тараўын заманның талап дәрежесинде раўажландырыўға үлкен имканият жаратып атырғанын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 4-апрельдеги «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасында онкология хызметин буннан былай да раўажландырыў ҳәм халыққа онкологиялық жәрдем көрсетиўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўына тийкарланып мәмлекетимизде рак кеселлигин емлеўде нур терапиясынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм онда ең заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленгенлиги, медициналық хызмет көрсетиў ҳәм емлеў нәтийжелери бойынша илажлар басланған.

– Усы жылдың 27-29-сентябринде болып өтетуғын «CARO – 2019» Орайлық Азия радиоонкология конгресси мине усындай реформалардың орынланыўына қаратылған, – деди «OPASCA German Oncology Solutions GmbH» компаниясының Ташкенттеги «OPASCA GOS Central Asia» сыңар компаниясының бас директоры Алексей Арапов. – Конгресс қатнасыўшылары заманагөй нур терапиясының перспективалары, сырт ел тәжирийбеси ҳәм баянатларды усынады. Бүгинги илажда бизлер усы конгресттиң тийкарғы ўазыйпаларына бағышланған презентацияны өткердик.

Елимизде медицинаның раўажланыўына қаратылған көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта, – деди радиолог, медицина илимлериниң кандидаты Зиёда Эрматова. – Орайлық Азия радиоонкология конгрессиниң медицинамыздың раўажланыўы ушын илимий ҳәм әмелий әҳмийети жүдә үлкен. Мәселен, өткен жылы шөлкемлестирилген конгрессте Германия ҳәм Россия мәмлекетлеринен онкология тараўындағы жетекши медициналық мәкемелердиң онкологлары ҳәм физик-радиологлар қатнасыўында тараўда ерисилген жетискенликлер, квалификация ҳәм тәжирийбелер тийкарында баянатлар тыңланды. Онда усыныс етилген тәжирийбелерге муўапық, елимизде нур терапиясын раўажландырыўда заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлеўге болған итибар және де күшейип, бул бағдарда кадрларды оқытыў мәселесинде әмелий нәтийжелерге ерисилмекте.

IMG_4451.JPG

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы