ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Өзбекстан миллий баспасөз орайында «Медициналық билимлендириўдеги реформалар – медицина тараўының раўажланыў өлшемлериниң бири» атамасындағы баспасөз конференциясы болып өтти.

Онда атап өтилгениндей, Президенттиң 2019-жыл 6-майдағы «Медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириў ҳәм илими системасын еле де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары медициналық билимлендириў системасын жаңа басқышқа көтериў, тараўда шешимин күтип турған баслы ўазыйпаларды орынлаўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болды.

Усы ҳүжжет тийкарында медициналық жоқары оқыў орынларында 2019-2020-оқыў жылынан баслап клиникалық психология, биомедициналық инженерлик, дәрилик затларды стандартластырыў, сертификатлаў ҳәм сапа менеджменти сыяқлы бир неше жаңа бағдарлар ашылады. Сондай-ақ, медициналық колледжлерде де оқытыў мүддети 3 жылдан 2 жылға қысқартылып, фельдшер-лабораториялық жумыс, фельдшерлик жумысы ҳәм медициналық-социаллық жумыс сыяқлы жаңа бағдарларда қәнигели орта медициналық кадрлар таярланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.