Имтихан процесслери Наманган, Нөкис, Хийўа ҳәм Ташкенттеги Президент мектеплеринде талабанлардың санына қарай бир неше басқышта өткерилиўи мүмкин. Егер арза бериўшилердиң саны бир орын ушын 20 адамнан көп болса, дәслепки имтиханлар математика пәни бойынша өткериледи. Бул процессте математика пәнинен берилген 20 тестти шешиў ушын 1 саат ўақыт ажыратылады.
Талабанлар имтиханның тийкарғы басқышында талабанлардың саны бир орынға 20 адамнан көп болмаған тәризде қатнасады.
Имтиханлардың тийкарғы басқышы мәлимлемени анализлеў ҳәм салыстырыў қәбилетин анықлаў бойынша (16 мәселе), логикалық элементлер болған математика пәнинен (24 мәселе) ҳәм инглис тили (55 тест сораўы) пәнлеринен ибарат болады. Оқыўшылар топлаған баллардың тийкарғы бөлеги (80 прценти)н аналитикалық пикирлеў ҳәм логикалық билимди талап ететуғын тапсырмаларды орынлаў арқалы топлаўы мүмкин. Баллардың тек 20 проценти ғана инглис тили пәнине туўра келеди. Сол себепли, талабанлар инглис тилинен жақсы таярлыққа ийе болмастан, аналитикалық ҳәм логикалық пикирлеў қәбилети жақсы раўажланған болса да, олардың Президент мектеплерине қабыл етилиў дәрежеси жоқары болып қалады. Талабанлардың қәлеўине қарай бул бағдардағы имтихан сораўлары инглис тилинде емес, мәмлекетлик тилде берилиўи мүмкин.
Жоқары класс оқыўшылары ушын инглис тилиниң әҳмийети дерлик 40 проценттен жоқары болыўы күтилмекте. Себеби, олар алдағы ўақытларда сырт елли муғаллимлер өтетуғын STEAM-пәнлерди үйрениў ушын жетерли потенциалға ийе болыўы керек. Оқыўшының қәлеўине қарай аналитикалық пикирлеў ҳәм логика бойынша имтиханларды инглис тилинде де тапсырыўы мүмкин.
Егер талабанлар бирдей муғдарда балл топласа, қабыллаў комиссиясы талабанлар менен сәўбет өткереди. Сәўбетте оқыўшының ата-анасы (нызамлы ўәкиллери), зәрүр болғанда болса психолог және медициналық хызметкерлер де қатнасыўы мүмкин. Бул процессте аудио ҳәм видеокөриниске түсириўге рухсат бериледи.
Cambridge Assessment International Education қарарына муўапық, талабанлар ҳәм олардың ата-аналары имтихан нәтийжелери бойынша аппеляцияға бериў және имтихан жумысларын тексериў ҳуқықына ийе емес.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.