Нөкис районы Ақмаңғыт гүзары көшесиниң 4Р 175 жолының 4-5-километринде ҳәр қандай жол-транспорт ҳәдийсесиниң алдын алыў мақсетинде онлайн түрде ислейтуғын «Автокон» маркалы фоторадар орнатылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар берди.

Усы мүнәсибет пенен, хабарда автотранспорт басқарыўшыларының жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўи соралған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги